Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» ураны астында Жаслар айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы 87-санлы баянламасына муўапық 2021-жыл 11-12-июнь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында Өзбекстан жасларының «Баўырыкең Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында өткерилетуғын миллетлерара дослық Республикалық фестивалына қатнасыў ушын университетте тәлим алып атырған ҳәр түрли, яғный, қарақалпақ, қазақ, түркмен, рус ҳәм корейс миллетлери ўәкиллеринен ибарат 5 студент, сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша алға сүрилген бес баслама бағдарлары бойынша қәбилетли ҳәм зийрек 5 студенттен ибарат, жәми 10 студенттен қуралған делегация ағзалары қәлиплестирилди.
Бүгин, яғный 10-июнь күни Өзбек филологиясы факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ғ.Ўразбаевтың басшылығындағы делегация қурамы ағзалары Нөкис темир жол вокзалынан Сырдәрья ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан жасларының «Баўырыкең Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы миллетлерара дослық Республикалық фестивалына жол алды.
Р.Өтениязов,
ҚМУ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық
бөлими методисти.