АБИТУРИЕНТЛЕР УШЫН ЖООларында СЫРТҚЫ ТӘЛИМДЕ ҚАНДАЙ ӨЗГЕРИСЛЕР БОЛАДЫ?

2021/2022-оқыӯ жылынан баслап:

  • Улыӯма билим бериӯ мектеплеринде ислеп атырған, жоқары педагогикалық мағлыӯматқа ийе болмаған оқытыӯшылар ушын бакалавриаттыӊ сыртқы тәлим формасы бойынша айрықша мақсетли қабыллаӯ параметрлары ажыратылады.
  • Педагогика ҳәм финанс-экономика тараӯларындағы ЖООда «5520100-Жәмийетлик ис (хызметтиӊ түрли тараӯлары бойынша)» бакалавриат тәлим бағдары бойынша пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыӯ органлары ушын сыртқы тәлим формасында кадрлар таярлаӯ системасы енгизиледи.
  • Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка санааты институтында арнаӯлы сыртқы тәлим шөлкемлестириледи.

Республика ЖООнныӊ «5321000-Азық-аӯқат технологиясы (өнимлер түрлери бойынша )»  ҳәм «54105500-Аӯылхожалық өнимлерин сақлаӯ ҳәм дәслепки ислеӯ технологиясы (өнимлер түрлери бойынша)» тәлим бағдарлары бойынша бакалавриаттыӊ күндизги ҳәм сыртқы тәлим түрлерине оқыӯға қабыллаӯдыӊ мәмлекетлик буйыртпасы патаметрлары басқышпа-басқыш асырылып барылады.

Мағлыӯмат «@uzabtinfo»тан алып таярланды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер