26-июнь – «Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў» күни

26-июнь күни руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында 26-июнь – «Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў» күни мүнәсибети менен Нөкис қаласы бойынша ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳәм де Қарақалпақтан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыў басқармасы хызметкерлери менен биргеликте «Биз нәшебентликке қарсымыз» ураны астында университет студент-жаслары арасында профилактикалық үгит-нәсиятлаў илажы шөлкемлестирилди.

Илажда тараў қәнигелери тәрепинен жаслар арасында наркотик затларының тарқалыўына қарсы гүресиў, жаслардың нәшебентликке берилмеўи, наркотик затларының зыянлы, аянышлы ҳәм аўыр ақыбетлери, бундай иллетке қарсы бәрше жаслар биргеликте гүресиўлери лазым екенлиги, сондай-ақ, бул жаман иллеттиң алдын алыў мақсетинде Республика жаслары саламатлығын күшейтиў, бәркамал инсан етип тәрбиялаўға қаратылған илажлар ҳәм ҳәр түрли спорт түрлеринен жарыслар өткерилиўин, жаслардың спорт секцияларына бекитилиўин, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткерилиўи ҳаққында айрықша атап өтилди. Илаж соңында нәшебентлик затларға қарсы гүресиўди үгит-нәсиятлаўға қаратылған буклетлер жасларға тарқатылды.

 

 

Р.Өтениязов

ҚМУ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық

бөлими методисти

 

Пайдалы дереклер