Шет елден оқыӯды көшириӯде ҳәммеден имтихан алынады

 

 

?️ студентлер оқыӯды шет ел (атап айтқанда, халықаралық рейтинглерде биринши 1 000 тағы орыннан бирин ийелеген) ЖООларынан Өзбекстан мәмлекетлик ЖООларыныӊ сай ҳәм түрлес тәлим бағдарларына көшириӯде:

 

➖егер айырықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарлары болса кәсиплик (дөретиӯшилик имтиханлар, қалғанында тест сынақлары өткериледи. Кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлар ЖОО тәрепинен, тест сынақлары МТО тәрепинен өткериледи;

 

➖өтиӯ баллары усы жыл 25- июлға шекем, соӊғылығында ҳәр жылы 15- июлға шекем белгиленеди;

 

➖өтиӯ балынан пәс балл топлаған студентлер табақаластырылған төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етиледи;

 

➖имтихан нәтийжелери МТО (Мәмлекетлик тест орайы) ҳәмде ЖОО (Жоқары оқыӯ орыны) ларыныӊ веб-сайтларында жәрияланады.

 

?️ студентлер оқыӯын шет ел ЖОО ларынан Өзбекстан мәмлекетлик  ЖОО ларыныӊ сай ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириӯге рухсат етилмейди.

Пайдалы дереклер