«Еӊ жақсы инновациялық жойбар» таӊлаўы жеӊимпазлары анықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-майдағы “Экономика тармақлары ҳәм тараўларына инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы 3698-санлы ҳәмде 2019-жыл 30-августтағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жасларды илим-пән тараўына тартыў ҳәм олардыӊ басламаларын қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 4433-санлы қарарларына тийкар 2021-жыл 12-июль куни  саат 10-00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде университеттиӊ студентлери ҳәм магистрантлары арасында студент жаслардың инновациялық дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў,  интеллектуаллық дәрежесин раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, излениўшилик шеберликлерин асырыў мақсетинде «Еӊ жақсы инновациялық жойбар» таӊлаўы өткерилди.

Таӊлаўға университеттиӊ барлық факультетлеринен 21 инновациялық жойбар ийелери қатнасты. Таӊлаў жуўмағына көре төреши қурамы ағзалары тәрепинен төмендеги жойбар ийелери жеӊимпаз деп табылды:

1-орынды Архитектура  факультети 4-курс студенти Бисенов Мухаммед  “Энергия тежемли жеңил лего гербишлер ислеп шығарыў жойбары менен жеӊип алды;

2-орынға еки топар ағзалары мүнәсип көрилди, яғный Қурылыс факультети

4-курс студентлери Махамбеталиев Ариф-Хажый, Жумамуратов Бегдияр, Кыдырбаев Ильяслар (“ENGINEERING GROUP” топары) “ED Connect” жойбары менен ҳәмде Физика факультети 4-курс студентлери Юлдошов Темур, Исмандияров Атабеклер “Қала көшелерин жақтыландырыў системасында электр энергиясы сарыпланыўын азайтыў” жойбары менен жеӊип алды.

3-орынға үш жойбар ийелери: Физика факультети 3-курс студенти Хожамбергенов

Жасур ““IT-TEAM.UZ” – Фреелансер ҳәм ИТ кәсип ийелери ушын санлы мағлыўматлар дүканы” жойбары менен, Физика факультети 2-курс магистранты Ережепов Куўаныш ҳәм Қурылыс факультети питкериўши курс студенти Алласугиров Нурмухаммед “Архитектуралық визуализация” жойбары менен, Физика факультети 2-курс магистранты Қудайбергенов Ажинияз, Химия-технология факультети питкериўши курс студенти Оспанов Темур “Attendance sheet” (Cтудентлердиӊ сабаққа толық қатнасыўын қадағалаўшы онлайн мониторинг системасы) жойбары мүнәсип көрилди ҳәмде жарыс жеӊимпазлары университеттиӊ “Инновациялық фонды” тәрепинен ақшалай хошаметленеди.

Сондай-ақ, таӊлаў жуўмағына көре, жарыс жеӊимпазларыныӊ ҳәмде Шет тиллер факультети 3-курс студенти Доспанова Камиланыӊ  “Med ID” инновациялық жойбарлары төрешилер қурамы ағзалары қарары тийкарында әмелиятқа енгизиўге таяр жойбарлар сыпатында Қарақалпакстан Республикасы аймақлық инновациялық раўажланыў басқармасына Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниӊ “Start-up” таӊлаўларында қатнасыўы ушын жиберилетуғын болды.

 

 ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер