Техника ҳәм технология әсири болған ХХI әсир заманагөй билим ҳәм санаға ийе болып, заманға сай раўажланыўды талап етеди. Бул заманагөй прогрестиң бир бөлеги болса шет тиллери билимин қурайды. Өйткени, мәмлекет раўажланыўы, оның заман менен тең қәдем таслаўы ҳәм жәҳән мәмлекетлери менен шерикликте ислесиўинде шет тиллериниң тутқан роли гиреўли.
Елимизде халықаралық тиллерди, әсиресе инглис тилин үйрениўге болған итибар жоқары. Жақында ғана Республикалық Бәркамал әўлад дөретиўшилик орайында өткерилген «Шет тилин үйрениўдиң методикасы» атамасындағы семинар-тренинг де сөзимиздиң айқын мысалы бола алады. Иләжда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети деканы Джавод Курбанбаев өзиниң шет еллерде инглис тили бойынша арттырған тәжрийбелерин орай оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары менен көргизбели тәризде бөлисти. Англия, АҚШ, Австрия ҳәм Россия мәмлекетлериниң билимлендириў системалары, олардың бизлерден абзаллық тәреплери, халқының мәденияты ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Дж. Курбанбаевтың жетискенликлери ҳәм жас полиглотларды да тил үйрениў арқалы усындай бәркамаллыққа жетиўге шақырыўы оларға үлкен мотивация болды.

Сондай-ақ, өзимниӊ «7 reasons why you should learn English» (Инглис тилин үйрениўиңиздиң 7 себеби) атамасындағы презентация жумысым менен жыйналғанларға бул тилдиң әҳмийетли тәреплерин түсиндирип бердим.
Орай оқыўшылары тәрепинен мийманларға сораўлар берилди ҳәм жас тилшилер келешек ушын көплеген билим ҳәм мотивацияға ийе болды.

Динора Бегдуллаева
Шет тиллери факультети
3-курс студенти