⚡️ БИЛИМЛИ ЖАСЛАР – МӘМЛЕКЕТИМИЗ КЕЛЕШЕГИ

 

 

 Ҳәр қандай жәмийетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш бул – илим-билим, тәлим ҳәм тәрбия. Бүгинги күнде  мәмлекетимизде алып барылып атырған жаңаланыўлар, соның ишинде жоқары билимлендириӯ тараўындағы дәслепки реформалар, ең әўеле, жаслардың жоқары билим менен қамтып алыныўын және де кеңейтиў, билимли ҳәм уқыплы, жәҳән стандартына сай қәнийгелерди таярлаў, институт ҳәм университетлердиң жағдайын ҳәр тәреплеме жақсылаў,  профессор-оқытыўшыларды экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылмақта.

 Жаңаланып атырған Өзбекстанда илим-билимге итибар жоқары шоққыға шығып атырғаны тосыннан емес, әлбетте. Себеби, заманагөй турмысты илим-билим ҳәм тәлимниң раўажланыўысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Жер жүзиниң раўажланған жетекши мәмлекетлеринде де билимлендириўди раўажландырыў мәселеси  биринши дәрежели  ўазыйпа сыпатында белгиленбекте. Өйткени, бүгинги күнде ҳәр қандай елдиң келешеги усы тараўда қолға киргизилген жетискенликлери менен байланыслы болып қалмақта.

Әлбетте, Өзбекстанда билимлендириў тараўын түптен жаңалаў, оны халықаралық  стандартларға интеграцияластырыў, сондай-ақ, мийнет базары талабына жуўап беретуғын жоқары тәжирийбеге ийе қәнигели  кадрлар таярлаў бойынша турмысқа енгизилип атырған реформалар айрықша итибарға ылайық. Лекин соған  қарамастан, сапа бағдарында өзгерислер елеберин кеўилдегидей  сезилмей атыр. Билимлендириӯ сапасын жақсылаў, оқыў ислерин базар мүтәжликлеринен келип шығып шөлкемлестириў мәселеси Жоқары оқыў орынлары итибарынан шетте қалмаўы керек.

 Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында усы жылдың 16-июнь күни жоқары билимлендириӯ системасындағы баслы ўазыйпаларға бағышланған  видеоселектор жыйналысының  өткерилгенлиги бул бағдардағы жумыслардың қаншелли әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды. Онда Жоқары оқыў орынларында оқытыў ҳәм басқарыў процесслерин толық санластырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Жоқары билимлендириў мекемелери ректорлары алдына үлкен ўазыйпа қойып, Ҳүрметли Президентимиз былай деген еди: «Мен ректорды ең үлкен реформатор, пидайы, деп билемен. Егер ол жасларды билимли етип тәрбиялай алса, бизге басқа ҳеш нәрсе керек емес. Сапа менен шуғылланбаған, «студент ушын мен не бере аламан», деген сораўға жуўабы болмаған ректордың келешеги жоқ».

Тийкарынан, видеоселектор мәжлисинде жоқары билимлендириў системасындағы басшыларға барлық күш ҳәм ресурсларды 4 әҳмийетли ўазыйпаға қаратыў бойынша көрсетпелер берилди. Бул ўазыйпалардан келип шығып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Кеңеси, факультетлердиң деканлары, кафедралар басшылары, профессор-оқытыўшылар қатнасында, видеоселекторда атап өтилген мәселелерди ҳәр тәреплеме додалап, алдымызға жүдә үлкен режелерди белгилеп алдық.

Бириншиден, Университет Кеңесиниң басқарыў ролин күшейтиў ҳәм кафедралардың ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша 2022-жылдан баслап өзин-өзи қаржыландырыўға өтиўин есапқа алып, университет билимлендириў системасының тийкарғы буўыны бул – кафедралар болыўы тийис екенлиги, ҳәрекеттеги кафедралардың барлық бағдарлар бойынша жумысы сын көз қарастан үйренип шығылмақта. Ҳәр бир кафедраның қурамлық дүзими, әсиресе, кафедра басшыларының компетентлигине кеўил бөлинбекте. Басқа бағдарлардағы жумыслары барысында илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў, заманагөй менежмент талаплары негизинде шөлкемлестириў, нәтийжеде илимий жумыслар есабынан келип түсетуғын қәрежетлерди 2021-жылдың акырына шекем 10 млрд сумға жеткериў ўазыйпасын өз алдымызға ўазыйпа сыпатында белгилеп алдық.

Екиншиден, билимлендириў процессин базар талапларына масластырып, ислеп шығарыў менен бирлигин тәмийинлеў ҳәм студенттиң өз үстинде ислеўи ушын имканият ҳәм қолайлықларды жаратыў. Жоқары билимлендириў мекемелери алдына, студентти оқыўға қабыл етиўден алдын оларды қай жерге жумысқа жибериўин, буның ушын жумыс бериўшилер менен 10 жыллық шәртнамаға ийе болыўы кереклиги ўазыйпасы қойылды. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын ең дәслеп студентлердиң әмелиятлары, олардың бағдарламалары, әмелият объектлери менен дүзилетуғын бирге ислесиў шәртнамаларын қайта көрип шығыўды көрсетпекте. Оқыў бағдарламаларында әмелиятқа ажыратылған әмелиятлар көлемин асырыў бағдарында олардың мазмунында студенттиң ертеңги күни жумыс пенен тәмийинлениўин нәзерде тутыўшы, университет ҳәм өндирис кәрханалары ушын теңдей мәп келтиретуғын механизмлер болыўы талап етилмекте. Биз усындай кәрханалар менен узақ мүддетли шәртнамаларды дүзиўде ең дәслеп усы мәселелердиң шешимин нәзерде тутыўымыз керек. Буның ушын кафедралар белгили бир тараў бойынша аймақта ҳақыйқый локоматив сыпатында өзин көрсете алыўы, кафедраларда шебер методистлер жумыс ислеӯи шәрт. Бизиң алдымызға қойған ўазыйпаларымыз әне усылардан ибарат.

Үшиншиден, жоқары оқыў орынларының илимий күшин асырыў, илим-билим ҳәм инновацияны раўажландырыў ўазыйпасы бағдарында университет оқыў процесси ҳәм илимий-изертлеў ислери бойынша ҳәрекеттеги кафедралардың ҳәр бири кеминде 2 абыройлы шет ел жоқары оқыў орынларының кафедралары менен бирге ислесиў бойынша байланыс орнатыў бағдарында жумыс алып бармақта. Ҳәр жылы кафедралардан кеминде 1 оқытыўшыны шет елге қәнийгелигин асырыўға жибериў бойынша усыныслар берилди. Кафедраларда халық аралық базалардан мағлыўмат алыў, Scoрus, WebofScience, Elsevier, Springer базаларынан пайдаланыў бойынша жумыслар исленбекте.

Төртиншиден, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын қағазпазлықты кемейтиў, тараўды санластырыў арқалы бюрократия ҳәм коррупцияны кескин қысқартыў ўазыйпасынан келип шығып, тараўды санластырыў ислери қайта көрип шығылмақта. Илимий жумысларды плагиатқа тексериў менен шуғылланатуғын фирмалардан бири менен шәртнама дүзиў бағдарында жумыслар басланды.

Университетте оқыў, илимий, мәдений-ағартыўшылық тараўларында алып барылып атырған жумысларды социаллық тармақларда кеңнен жарытыў бойынша жаңа ўазыйпалар қойылды. Бүгинги күни алып барылып атырған жумысларды социаллық тармақларда кеңнен жарытыў бойынша жоқары оқыў орнының веб-сайтына университеттиң журналистика кафедрасынан тәжирийбели профессор-оқытыўшылар жуўапкер етип бириктирилди. Университет профессор-оқытыўшыларынан ибарат топар шөлкемлестирилип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўде олардыӊ социаллық тармақларда жаӊаша усылда креатив пикир-усыныслары менен қатнасыўлары жолға қойылды.

Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның жоқары билимлендириў тараўындағы жаӊаланыўлары профессор-оқытыўшылар көз-қарасынан додаланып, студент жасларға турмыслық мысаллар арқалы тәсиршең тәризде жеткерип берилмекте.

Ҳәзирги күни университет QMU.UZ веб сайтының 11 мыңға жақын ағзасы бар болса, студент жаслар, олардың ата-аналары менен университет ректорының тиккелей сөйлесиўин жолға қойыў мақсетинде телеграмм каналлары ҳәм  социаллық тармақлары турақлы түрде хызмет көрсетип келмекте.  

Әсиресе, университетимиздиң шет ел жоқары билимлендириў мекемелери менен биргеликтеги жаңа бағдарлары, университетимиздеги соңғы реформалар, Президентимиз жаратып берген имканиятлардан дурыс пайдаланып атырған жасларымыздың жетискенликлери ҳақкында толық мағлыўматлар берилмекте.

Университетимизде жаңа оқыў жылынан баслап “Медиа орай” шөлкемлестириўди режелестирип отырмыз. Бул орайға тийкарынан қәбилетли студент жасларды қамтыў нәзерде тутылған. Университетимизде жаңа оқыў жылынан баслап республика ҳәм аймақлар дәрежесинде әмелге асырылып атырған реформаларды халыққа үгит-нәсиятлаў, ғалаба хабар қуралларында жәрияланған жалған ҳәм қәлбеки хабарларға оператив мүнәсибет билдириў мақсетинде “Реформалар – халық ушын” атамасындағы үгит-нәсият жойбарын иске түсириў мақсетинде кафедра басшылары ҳәм билимли студентлерден ибарат топар шөлкемлестириў жумыслары режелестирилди.

Журтбасшымыз тәрепинен жоқары билимлендириў системасы басшылары алдына қойылған талаплар ҳәм көрсетпелерди орынлаў ушын жоқары оқыў мекемелери академик ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў бойынша өз бетинше қарар қабыл етиў ўәкиллигиниң берилиўи мәселе шешимине қаратылған ең туўры жол есапланады. Себеби, буннан кейин, оқыў режеси ҳәм әдебиятлар, пән бағдармаларын таярлаў, профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемеси ҳәмде тәлим формаларын белгилеўди  оқыў орны басқарыў кеӊесиниң өзи шешеди.

Жоқары билимлендириӯ мекемелерниң илимий потенциалы мәселесине айрықша итибар қаратылар екен, бул бағдарда келеси жылдан доктарантураға квоталар санын еки есеге көбейттириўди, оннан кейинги жылларда ҳәр жылы 50 пайызға асырып барыў белгиленбекте. Буның ушын ҳәр жылы бюджеттен қосымша 100 миллиард сўм, ҳәр бир тармақ өз тараўына тийисли жоқары оқыў орынларына  докторантлар квоталары ушын және 10 миллиард сўмнан ажыратыўы  мәмлекетимиз илим-пәнин және де раўажландырыўға қаратылған исенимли қәдем болды.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, жоқары билимлендириӯ мәмлекеттиң ертеңги келешегин белгилеп беретуғын, жәмийет турмысының бәрше тараўларын раўажландырыўда шешиўши ӯазыйпаны орынлайтуғын әҳмийетли фактор есапланады. Жәмийетте жоқары мағлыўматқа ийе, тәжирийбели қәнигелер қанша көп болса, раўажланыў сонша тез ҳәм нәтийжели болады.

Билим сапасы раўажланса ҳәр бир тараўда өзгерис, раўажланыў гүзетиледи.

А. РЕЙМОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ

мәмлекетлик университетиниң ректоры.

Пайдалы дереклер