Президент «Президент, дөретиӯшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер хызметин және де жетилистириӯ бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына қол қойды.
Ҳүжжетке бола, Президент, дөретиӯшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раӯажландырыӯ агентлиги -Президент билимлендириӯ мекемелери агентлиги етип қайта атама берилди.
2021-2025-жылларда Агентлик системасында 13 жаӊа қәнигелестирилген мектеп қурылып, бар болған 5 дөретиӯшилик мектеби реконструкция етиледи.
2021-жыл 1-сентябрьге шекем:
- Халықаралық ( International Advanced Levels) бағдарламалар талапларына муӯапық оқыӯшы ҳәм педагог кадрлардыӊ STEAM пәнлери бойынша билим ҳәм көнликпелерин баҳалаӯ ҳәм де оларға халықаралық дәрежедеги AS ҳәм A-LEVEL сертификатларын бериӯ әмелияты жолға қойылады;
- Президент мектеплеринде оқыӯшыларды кәсип-өнерге бағдарлаӯ, оларға соӊғылығында оқыӯды даӯам еттириӯ ушын ЖООларын таӊлаӯда көмеклесиӯге қаратылған «Мектеп мәсләҳәтшиси» ( Schooll Councillor) бағдарламасы енгизиледи;
- Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплерде айрықша билимге мүтәжлиги болған балалар ушын инклюзив IT билим бериӯ енгизиледи;
2021/2022 –оқыӯ жылынан Өзбекстандағы ЖОО ҳәм олардыӊ филиаллары ҳәм де мәмлекетлик емес жоқары билимлендириӯ мекемелерине төлем-контракт тийкарында оқыӯға кирген Президент мектеплери питкериӯшилерине төлем-контракт суммасын қаплаӯ ушын субсидия төленеди.
Төмендегилерге тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларысыз оқыӯға кириӯ ҳуқықы бериледи:
- Президент мектеплери питкериӯшилерине мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлерине улыӯма белгиленген мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаӯ көрсеткишлерине салыстырғанда қосымша мәмлекетлик гранты тийкарында;
- Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплердиӊ питкериӯшилерине қәнигелик бағдарынан келип шығып мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлериниӊ химия, биология, физика ҳәм хабар технологиялары тараӯлары ушын кадрлар таярлайтуғын бакалаврият тәлим бағдарларына улыӯма белгиленген қабыллаӯ параметрлеринен тысқары базалық төлем-контракт тийкарында;
- Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплердиӊ питкериӯшилерине қәнигелик бағдарынан келип шығып мәлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлериниӊ тил билими, әдебият, педагогика, аӯдармашылық, журналистика тараӯлары ушын кадрлар таярлайтуғын бакаллаврият тәлим бағдарларына улыӯмалық белгиленген қабыллаӯ параметрлеринен тысқары базалық төлем-контракт тийкарында.
Халықаралық ( International Advanced Levels) бағдарламаларыныӊ А ҳәм В дәрежедеги A-LEVEL сертификатларына ийе абитуриентилер мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлерине оқыӯға кириӯде сертификат берилген пән бойынша кириӯ имтиханынан азат етиледи ҳәм оларға усы пәннен максимал балл бериледи.
Қарар менен Агентлик жанында юридикалық шахс бийлигиндеги Педагогикалық шеберлик ҳәм халыкаралық баҳалаӯ орайы шөлкемлестирилди.
Таярлаған: Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА.
ҚМУ Баспасөз хызмети.