Абитуриент рухсатнамасы қашан бериледи?

Ҳәзирги күнде абитуриентлер тәрепинен  көплеген сораӯлар келип түспекте, солардыӊ басым көпшилигинде «Абитуриентлер рухсатнамасы»н алыӯ бойынша сораӯлар берилмекте.

Мәлим болғанындай жоқары билимлендириӯ мәкемелериниӊ бакалаврият тәлим бағдарларына оқыӯға кириӯ тест сынақларында қатнасыӯы ушын «Абитуриент рухсатнамасы» бериледи.

Онда абитуриенттиӊ жеке мағлыӯматлары менен бирге, тест тапсырыӯ аймағы, тест тапсырылатуғын сәне ҳәм ӯақты, тест өткизилетуғын орын, тест тапсырыӯ сменасы ҳәм топар саны сыяқлы бир қатар мағлыӯматлар берилген болады.

 

Абитуриентлер «Абитуриент рухсатнамасы»н Мәмлекетлик тест орайыныӊ рәсмий veb- sahifasi  (бети) ( www.my.dtm.uz) арқалы 29-июльдан баслап алыӯы мүмкин, деп хабар береди Мәмлекетлик тест орайыныӊ рәсмий сайты.

 

Рухсатнаманы таярлаӯ ҳәм абитуриентлерге жеткизиӯ ушын тест сынақларын өткериӯ мүддетлери белгиленген болыӯы керек.

 Еслетип өтиӯ орынлы, мәмлекетимизде карантин шеклеӯлери даӯам етип атырғанлығы себепли, жоқары билимлендириӯ орынларыныӊ бакалаврият тәлим бағдарларына оқыӯға кириӯ тест сынақларын өткериӯдиӊ анық мүддетлери белгили ӯақытқа шекем белгиленбеди.

Тест сынақларын өткериӯ мүддетлери елимиздеги эпидемиологиялық жағдайы турақласқаннан соӊ Өзбекстан Республикасы билимлендириӯ мекемелерине оқыӯға қабыллаӯ бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленди.

Тест сынақларын өткериӯ мүддетлери белгиленгеннен кейин «Абитуриент рухсатнамасы» қәлиплестириледи ҳәм абитуриентлер Мәмлекетлик тест орайыныӊ рәсмий veb-сайты (abitur.dtm.uz) арқалы рухсатнаманы жүклеп алыӯы мүмкин болады.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер