Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм де Өзбекстан Волейбол федерациясы тәрепинен 25-28-июль күнлери Ферғана ўәлаятынын Қоқан қаласында нураный ҳаял-қызлар арасында волейбол спорты бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Илаждын мақсети халықты дене тәрбиясы ҳәм спортқа тартыў, спорт нураныйлары арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў болып табылады.
Жарыста Өзбекстан Республикасы бойынша 14 команда қатнасты. Қызғын беллесиӯлер жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы командасы сыйлы 1-орынды ийелеп, чемпион болды.
Женимпазлар арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқытыӯшылары да болып, олар бул жеӊиске ерисиўге үлкен үлес қосты.

Динора Бегдуллаева
ҚМУ Шет тиллери факультети
3-курс студенти