2021-жыл 20-август күни саат 1000 де Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңеси тийкарында 13.00.02 – Тәлим ҳәм тарбия теориясы ҳәм методикасы (инглис тили) қәнигелиги бойынша бир мәртелик Илимий кеңес жанындағы Илимий семинар мәжилиси университет мәжилислер залында болып өтеди.
Мәжилисте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының докторанты Каипбергенова Феруза Тулепбергеновнаның «Жоқары оқыў орынларында химия тәлим бағдары талабаларының инглис тили бойынша сөз байлығын қәлиплестириу (мультимедиа программалар мысалында)» деген темадағы педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.