Бүгин 6-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаӊа 2021-2022-оқыӯ жылы дәстүрий (офлайн) тәризде басланды.
Дәслеп университетимиз бас бинасы алдында жаӊа оқыӯ жылыныӊ басланыӯ мүнәсибети менен университет ректоры А.Реймов ҳәм студент жасларымыз қатнасында салтанатлы ушырасыӯ болып өтти. Ушырасыӯда университет ректоры сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларымыз, әсиресе, студентлер ушын жаратылған имканият ҳәм шараятлар ҳаққында қысқаша тоқтап өтти.


Университетимизде дәслепки сабақлар Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллығына бағышланып ғәрезсизлик сабақлары менен басланды.
Университетимиз ректоры, профессор Ахмед Реймов аудиторияларда даӯам еткен ғәрезсизлик сабақларына қатнасты.
Ғәрезсизлигимиздиӊ әҳмийети ҳәм жаслар турмысында тутқан орны ҳаққында студентлеримизге бул дәслепки сабақларда кеӊ түрде түсиник берди.



Университеттиӊ оқыӯ ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев аудиторияларда алып барылған ғәрезсизлик сабақларына қатнасып, Жаӊа Өзбекстанныӊ бүгинги жаӊаланыӯлары ҳаққында жасларымызға кеӊнен түсиник берип өтти.
Студент болыӯ бахтына миясар болған жасларымыз жоқары оқыӯ орнындағы дәслепки оқыӯ күнин ғәрезсизлик сабақлары менен баслады.
ҚМУ Баспасөз хызмети