Жаңа  оқыў  жылында жасларымызда илим  ҳәм  инновацияны раўажландырыўдағы дәслепки  қәдем 

           Ғәрезсизлик  сабақлары  материаллары  арқалы  елимиздиң  раўажланыўы  жолында  алып  барылып  атыhған  инновациялық,  сиясий-экономикалық, тәлим-тәрбия ҳәм  руўхыйлық  бағдарындағы  жумыслар  ҳәм жетискенликлер  студент  жасларға жеткерилди.

Усы  мәселелерден  келип  шығып  студент  жаслар  арасында  тәлим-тәрбия жумысларын  алдағы  ўақытларда да  жаңа  басқышқа  асырыў  ҳәм  және де  раўажландырыў мақсетинде  факультет  студент  жаслары  Кеңеси  шөлкемлестирилди. Лидер  жаслар қатнасқан  бул  Кеңесте  ҳәр  тәреплеме  жетик, заманагөй  билимли  ҳәм  өнерли, инталы  жасларымызды  қоллап-қуўатлаў  ҳәм  олардың  қатарын  еле де  көбейтиў  арқалы  белгиленген  илажлар  ҳәм  басламаларды  нәтийжели  жүзеге асырыў  мүмкин  екенлиги  атап  өтилди  ҳәм  ўазыйпалар  белгиленди.

Бул  Кеңес  жаңа  оқыў  жылында  факультетимиз  студент жаслары  арасында тәлим-тәрбияны раўажландырыў, саламат  турмыс  тәризин  енгизиў, илим  ҳәм  инновацияларды раўажландырыў           бойынша  дәслепки  қәдем  болып  табылады.

Улыўма, ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўында  оның келешегин тәмийинлейтуғын  жас әўладтың саламат ҳәм бәркамал болып ер жетиўи  шешиўши орын ийелейди.

 

 

Курылыс факультети кураторлар Кенеси баслығы                     М.Ешмуратов

 

Пайдалы дереклер