Усы жылдыӊ 22-сентябрь сәнесинде Биология факультетинде «Орайлық Азия турақлы раўажланыў бойынша инновациялық бюро» баслығы доктор Питер Либельт пенен ушырасыў болып ѳтти. Ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Халықаралық Аралбойы инновация орайы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги хызметкерлери, Биология факультети профессор – оқытыўшылары, докторантлар, магистрантлар ҳәм студентлер қатнасты.
П. Либельт ѳз баянатында бюроның тийкарғы алып барып атырған жумыслары, жойбарлары ҳәм Германия мәмлекетиндеги жоқарғы оқыў билимлендириӯ системасы ҳақкында түсиник берди.
Ушырасыў даўамында П. Либельт Биология факультетинде ашылған Биоэкология илим-изертлеў лабораториясы менен жақыннан танысқанлығын ҳәм келешекте илимий жойбарлар арқалы бирге ислесиў нийети бар екенлигин билдирди.
Ушырасыў сонында қатнасыўшылар ѳзлери кызықтырған сораўларға жуўаплар алды.


