Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў илажы өткерилди
Тарийх факультетинде “Жаслар арасында хуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм нәшебентлик, ажырасыӯлар тәсиринен қорғаў» темасында үгит – нәсиятлаў илажы алып барылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары И.Елмуратов сөзге шығып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 21-август күнги 5/2904-санлы хатына тийкар ҳәр пийшемби ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни мүнәсибети менен иләж өткериў белгиленгенлигин атап өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыў басқармасы аға оператив ўәкили Б.Ходжаметов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы аға инспекторы А.Бердимуратов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер экстремизимге қарсы гүресиў басқармасы хызметкерлери майор Турешов Нурдәӯлет ҳәм Палекеев Дамир, университет тарийх факультети археология кафедрасы доценти Г.Туреевалар өзлериниң баянатлары менен қатнасты.

Тийкарынан иләждың мақсети бүгинги күнде жаслар ортасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслар арасында ишиӯшилик, наркоманияға қарсы гүресиў ҳәзирги күндеги тийкарғы мақсет екенлигин атап өтип, жасларды бундай жаман иллетлерден қорғаў ҳәм буның тәсирине түсип қалмаў бойынша өз мәсләҳәтлерин берип өтти.
Декан орынбасары И.Елмуратов