Нураный устазларымыз ҳүрмет-иззет қушағында

Устазларды улығлаўдай  қәдириятларымыз байрам мүнәсибети менен өзиниң ҳақыйқый көринисин бермекте. Усындай байрам қарсаңында жасыүлкен устаз оқытыўшыларға ҳүрмет-иззет көрсетип, олар менен сәўбетлес болыўдың өзи кекселеримиз кеўлине үлкен қуўаныш бағышлайды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов  1-октябрь «Устазлар ҳәм оқытыўшылар» күни» мүнәсибети менен нураный устазлардың үйлерине барып, оларды байрам менен қутлықлады.

Олардан Габбар  Асенов, Юрий Кулаков, Нарбай Юлдашев, Бекбаулы Бектурсыновлар узақ жыллардан берли жас әўладқа билим ҳәм тәрбия берип киятырған нураный устазларымыз болып есапланады.

Университет ректорының басшылығында бундай жақсы басламалар даўам етип, нураный оқытыўшылардың ҳал-жағдайынан хабар алынды ҳәм оларға университет кәсиплик аўқамы тәрепинен саўғалар тапсырылды.  

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер