Студент жасларымызды әдебий шығармалар оқыўға қызықтырыў арқалы, тәрбиялық ағысқа бағдар бере аламыз. Сонлықтан да талантлы көркем сөз шеберлери менен өткерилетуғын ушырасыўлардың әҳмийети айрықша орын ийелейди.
Университеттиң Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының шөлкемлестириўи менен қазақтың классик шайырлары Қасымхан Бегманов ҳәм Баўыржан Бабажан улы менен әдебий ушырасыў кешеси болып өтти. Қоңырат районында туўылған жерлес шайырымыз Баўыржан Бабажан улының туўылған жерге муҳаббаты, сағынышы сәўлеленген толғаныслы қосықлары, Қасымхан Бегмановтың Қарақалпақстан сапарынан тәсирленген лирикалық қосықлары кеше қатнасыўшыларында қызығыўшылық оятып, үлкен тәсир қалдырды.
