Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 5140200 – Физика бакалавр тәлим бағдарының питкериўши 4-курс студентлери оқыў реже тийкарында академиялық лицей ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде педагогикалық әмелиятын өтеп атыр. Бул тәлим бағдарда жәми 100 питкериўши курс студенти бар болып, олар университет ректорының “Педагогикалық әмелиятқа жибериў” ҳаққындағы 1053 S/5-санлы буйрығы тийкарында ҚМУ жанындағы академиялық лицейи, ТИТУ Нөкис филиалына қараслы академиялық лицейи, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы №1-, №4-, №17-, №23-, №28-, №33-, №34-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектеплерине бөлистирилген. Олардың педагогикалық әмелиятына басшылық етиў ушын жуўапкер методистлер етип физика кафедрасының профессор-оқытыўшылары бекитилген.
Физика кафедрасы тәрепинен әмелиятшылардың педагогикалық әмелияты ушын арнаўлы бағдарлама ислеп шығылған болып, онда студентлердиң әмелият барысында ислейтуғин жумыслары, ўазыйпалары ҳәм оларды қадағалаў критериялары келтирилген.

Әмелиятшылардың орынлардағы жаңа педагогикалық технологиялар менен ислеўши жоқары маманлыққа ҳәм тәжирийбеге ийе педагоглардың ис усылларын үйрениўи, олар менен усы бағдарда пикир алысыўы болажақ қәнигелер ушын баслы сабақ болып есапланады. Бул дәўирде практикант пәнге ҳәм қәнигеликке таярлаў даўамында алған теориялық билимлерин әмелде беккемлейди, жаңа билим ҳәм көнликпелер менен байытады.

Практикантлар орынларда өзлерине бекитилген педагоглар менен биргеликте практика сабақларын өтип, өзлерине зәрүрли тәжирийбелерди топлап атыр.
Мадаминов Б. – физика кафедрасының ассистенти.