Журналистика кафедрасы оқытыўшылары Ташкент қаласында дата журналистика бойынша семинарға қатнаспақта

Ҳәзирде Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика кафедрасы оқытыўшылары Ташкент қаласында семинарға қатнасып атыр.

«Дата журналистиканың заманагөй тенденциялары» темасындағы тренинг Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген. Онда қатнасыўшылар дата форматлар, датасет ҳәм дәстүрий журналистиканың өзине тән қәсийетлери, платформалар ҳаққында теориялық, әмелий түсиниклер алмақта. Топарларға бөлинип, дата материаллар таярламақта.

Тренинг еки модулди өз ишине алып, биринши модул тийкарында оқытыўшылар дата журналистика бойынша оқыў бағдарламалар ислеп шығады. Сондай-ақ, олар арнаўлы жойбарлар тийкарында аймақларында семинарлар  шөлкемлестиреди.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер