Экономика факультетинде студентлер менен биргеликте турақлы түрде тығыз ислесиӯ жолға қойылды.
Усы жылдыӊ 3-ноябрь күни 3- 4-курс студентлери арасында, ал, 4- ноябрь күни 1-2-курс студентлери арасында ҳәр қандай кеӯилсиз жағдайлардыӊ алдын алыӯ бойынша илажлар өткерилди.
Тек студентлер менен түсиник жумыслары алып барылмай, ижараға бериӯши үй ийелери менен де сәӯбетлесиӯлер жолға қойылған. Сондай-ақ, ижарада жасаўшы студентлердиң үйлери алдында Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими қәнигелери студентлер ҳәм пуқараларға ийис газинен зәҳәрлениўдиӊ алдын алыў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.

4- ноябрь күни ижарада жасаўшы 1-ҳәм 2- курс студентлерине Нөкис қалалық Айрықша жағыдайлар бөлими баслығы орынбасары капитан Қуўатбай Аметов, Нөкис қалалық газ тәминаты бөлими инженери Руслан Утегенов ҳәм Нөкис қалалық халық қабыллаўханасы бөлими қәнигеси Икрам Нажимовлар ушырасыўға қатнасты. Ушырасыўда Қуўатбай Аметов ийис газинен зәҳәрлениў тийкарынан төмендеги жағадайларда жүз беретуғынлығын түсиндирди. Булар
- стандартқа мас келмейтуғын, яғный, сертификатқа ийе болмаған ысытыў печьлериниң орнатылыўы
- ыстытыў печьлери морыларының дурыс орнатылмағанлығы
- басқа альтернатив жанылғы масламаларынан пайдаланыў
- асханада орнатылған тәбийғий газден пайдаланыўшы газ плиталарынан бөлмелерди ысытыў мақсетинде пайдаланыў
- ҳаўа алмаспайтуғын ханаларда көмир ҳәм отыннан пайдаланыў
- ҳаўа алмастырыўшы шахталарын жаўып қойыў ҳ.т.б ҳаққында айтып өтти
Буннан соң Нөкис қалалық газ тәмийнаты бөлими инженери Руслан Утегенов газ плиталарынан бөлмелерди ысытыў мақсетинде пайдаланыў ҳәм үстинде кийимлерди кептириӯ, сондай-ақ, қадағалаўсыз жанған ҳалда қалдырыўға жол қоймаў, буннан тысқары газдиң шығып турыўын шырпы шағып көриў мүмкин емеслиги ҳаққында айтып.

Сондай-ақ, үйлерге ийис газин анықлаўшы қурылма орнатыўды усыныс етти. Егерде үйлерде газ ийиси сезилсе айна ҳәм есиклерди ашып үйди самаллатыў ҳәм 104 номерине ямаса 1050 номери бойынша қутқарыў хызметине қоңыраў етиў кереклигин айтып өтти. Буннан соң ушырасыўға қатнасқан студентлер өзлериниң сораўларына жуўаплар алды.
Экономика факультети деканы орынбасары: Қ.Нурманов