Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Тәбийий илимлерди раўажландырыўда информациялық-коммуникация технологияларының орны” атамасындағы Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияның негизги мақсети халықаралық пәнлер есапланған математика, химия, биология пәнлери тараўларына информациялық-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўде жас қәнийгелерди республикамыздың жетекши илимпазларының илимий жетискенликлери менен таныстырыў, жаслардың илимий изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий орайлар менен байланысларды тағы да беккемлеў болып табылады.

Билимлендириўдиң илим ҳәм өндирис пенен интеграциясының тийкарлы механизмлерин ислеп шығыў, оны әмелиятқа енгизиў, оқыўды, еркин билим алыўды индивидуалластырыў, аралықтан билим бериў системасы технологиясы ҳәм қуралларын ислеп шығыў және өзлестириў, жаңа педагогикалық ҳәм информациялық технологиялар тийкарында модул системасынан пайдаланған ҳалда, студент-жаслардың билим алыўын еле де жетилистириў усы конференцияның әҳмийетли ўазыйпалары қатарына киретуғынлығын айтып өтиў орынлы.
XXI әсир – техника ҳәм технология әсири болғанлықтан, қоршаған орталықта жүз беретуғын ҳәдийселер оны үйрениўге болған қызығыўшылықты және де арттырары сөзсиз. Бул қызығыўшылық артынан илим ҳәм техника тараўында мисли көрилмеген ашылыўлар пайда болды ҳәм даўам етпекте. Бүгинги күнде илимий искерлик пенен шуғылланыўшы инсан ушын информациялық технологиялар ҳәм коммункация системалары қаншелли әҳмийетли болса, оларды илимий басқарыў тараўына енгизиў де соншелли әҳмийетли саналады.
Сол ушын да өткерилген бул конференция жасларымыздың илим ҳәм билимге болған қызығыўшылығын еле де асырады ҳәм конференция арқалы өзлеринде мотивация қәлиплестириўине түртки болады деп ойлаймыз. Ең баслысы излениўши алымларымыз ҳәм жасларымыз өзлериниң теориялық билимлерин тараў илимпазлары алдында әмелде сынақтан өткерип, олардың илимий инновациялық мәсләҳәтлерин алыўға миясар болды.


Турғанбаев Азизбек
Алгоритмлестириӯ ҳәм программаластырыӯ технологиялары кафедрасы магистранты
,