Wisconson-Milwaukee университети профессоры тәрепинен өткерилген илимий семинар

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультетинде АҚШ WisconsonMilwaukee университети профессоры Dr. Habib Tabatabai тәрепинен «New Advancements and Trends in Civil Engineering Materials« атамасында илимий семинар өтти. Өткерилген илимий семинарда уникал сооружениелер ушын қурылыс конструкцияларының беккемлилигин асырыў, имарат ҳәм сооружениелердиң узақ мүддет хызмет етиўине ерисиў мәселелери кең додаланды. Илимий семинарға Қурылыс факультети профессор оқытыўшылары, магистрантлар ҳәм студент жаслары исшеӊ қатнасып, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Бул онлайн режиминде өткерилген илимий семинарға Республикамыздың басқада жоқары оқыӯ орынлары, атап айтқанда Наўайы кәншилик институты Нөкис филиалы, Жиззақ политехника институты профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары да қатнасып, қызғын сораў-жуўапларға бай болып өтти.

А. Пурханатдинов,

Қурылыс факультети декан орынбасары

 

Пайдалы дереклер