? Ойым келбетимде, сөзим либасым…

Тил байрамы алдынан

Соңғы жыллары мәмлекетимизде, соның ишинде қарақалпақ халқының турмысында, тарийхында жүдә көплеген әҳмийетли өзгерислер жүз берди. Мәденият, сиясат, экономика тараўларында ири табысларға ерисиў менен бирге, илим ҳәм билимлердириў тараўында да үлкен жетискенликлерге ерисилмекте. Турмысымызды ҳәр тәреплеме алға илгерилетиў, жәмийетимизди раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар ислеп шығылды, әсиресе, миллий үрп-әдетлеримиз, дәстүрлеримиз, тилимизге болған қарым-қатнасыққа жүдә үлкен әҳмийет берилди. Сондай үлкен өзгерислер қатарында 1989-жылы 1-декабрьде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўин пикиримизге дәлил етсек болады. Быйыл усы сәнеге 32 жыл толады.

Ҳақыйқатында да, ана тили, миллий мәденият, миллий тиллердиң раўажланыўына айрықша итибар берилип атырған бир ўақытта тил адамлардың өз-ара қатнас қуралы деген түсиникке еле де тереңирек мәни бериўимиз керек. Тил ҳаққындағы түсинигимизди тереңлетип, оның дүрданаларын алдағы дәўирдиң әўладларына мийрас етип қалдырыў ушын ғалаба халықлық атланысқа шығыўды тәмийинлеў – әҳийетли ўазыйпа. Бул ийгиликли ис республикамызда жасаўшы ҳәр бир пуқараның мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамның иске толық асыўына қосқан ылайықлы үлеси болады. Сонлықтан да, тилдиң, сөздиң уллылығы ҳаққында мудамы айтып ҳәм билип барыўымыз шәрт. Тарийхтың тереңине сүңгип, оның түбиндеги ҳасыл-маржанларын терип, кейинги әўладларға саўға етиў ҳәм оның қәдирине жетиў бүгинги күнде халқымыздың барлық перзентлериниң әдиўли ўазыйпасы. Усы орында сөз ҳәм оның тәсири ҳаққында да тоқталып өтсек.

Түркий тиллес халықлары әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң бири Ахмед Югнакийдиң «Халила ҳәм Димна» китабында мынындай рәўият бар. «Бир күни Ҳиндистан, Қытай, Иран ҳәм Рум патшалары бир жерге жыйналып: «ҳәр биримиз сондай бир сөз айтайық, сол сөз дүнья турғанша туратуғын болсын» – деп келисипти. Сонда Қытай патшасы: «Мен айтқан сөзди қайтарып алғаннан көре, сол сөзди аўзымнан шығармаўға ҳәрекет етемен» – депти.  Ҳиндистан патшасы: «Мен өз пайдасын гөзлеп атқан сөзи ушын зыян келтирген ҳәм өзин өлимге дуўшар еткен адамға нәлетлер айтаман» – депти. Иран патшасы: «Аўзымнан шықпаған сөзим – қулым, ал айтқан сөзим хожам» – деген екен. Сонда Рум патшасы: «Мен айтпаған сөзимнен ҳеш қашан зәлел көрмедим, ал айтқан сөзимнен тез-тез пушайман жеп тураман. Адамның, патшаның үндемегени, биймәни сәўбетлесиўден мың мәрте абзал. Инсан бәринен бурын өз тилинен таўып, түрли бәле¬-мәтерлерге гирипдар болады» – депти». Бул жерде олар сөздиң уллылығына мәни берип ҳәм дүнья турғанша туратуғын нәрсе бул – тил ҳәм сөз, – деген жуўмаққа келисипти. Және де Шығыс еллериниң көпшилигине таныс болған көрнекли шайыр ҳәм алым Юсуф Ҳас Ҳәжиптиң «Бахытқа баслаўшы билим» шығармасында тилге байланыслы мынандай ҳикметли қатарлар бар:

 

Тил адамды бахытлы етер, шад етер,

Аңламай сөйлесең, гейда жәбирлер,

Сөз бенен аламан мудам ашыўды,

Тил алып кетпесе екен басымды.

 

Данышпан болады билип сөйлеген,

Сол ушында оның сөзи өлмеген,

Еки нәрсе қартайтпайды адамды,

Бири қулқы, бири сөзи салдамлы.

 

Оқ жарасы таз жазылып кетеди,

Сөз жарасы сүйегиңнен өтеди,

Илимнен дүр шашқың келсе елиңе,

Әўел бастан итибар бер тилиңе.

 

Демек, «Тилге итибар – елге итибар» деген пикир XI әсирлерден-ақ айтылған екен. Демек тил – бахытқа баслаўшы болғанлығын тарийхтың өзи дәлиллейди. Буны ҳәзирети Алишер Наўайының «Ана тили – барлық пәнлердиң айнасы», Әжинияз шайырдың «Маңа тилден басқа эгам, ҳеш нәмерсе берген йўқты», деген ҳикметли сөзлери де дәлиллейди.

Әдебий көркем дөретпелер менен илимий дәреклерге сүйенетуғын болсақ, тил адамлардың тек өз-ара қарым-қатнас қуралы ғана емес, ал соның менен бирге бизди қоршаған сыртқы әлемди билиўдиң де қүдиретли қуралы екенлиги ҳәр бир дәўирде терең мәни менен түсиндирилип, дәлиллеенбекте. Демек, «Тилге итибар – елге итибар» деген гәп бийкарға айтылмаған. Бирақ, бул еледе тереңлестириўди талап етеди. Тилди таза сөйлеў, дурыс жазыў ҳәм оның мәдениятына мәни бериў қәделерин булжытпай әмелге асырыў баслы ўазыйпа. Бул дәўир талабы.

Ал, дәўир талабын орынлаў сол дәўир ийеси болған ҳәр бир пуқараның әдиўли ўазыйпасы, перзентлик миннети.

Тил туўралы данышпанлық пенен айтылған сөзлер қарақалпақ халқында да көп. Мәселен: «Мал шақынан, адам тилинен табады», «Мақул сөзге мал мөңирейди», «Бийдай наның болмаса да, бийдай сөзиң болсын», «Жыллы-жыллы сөйлесең жылан иннен шығады, қатты-қатты сөйлесең қылыш қыннан шығады» ҳәм т.б. Мине, булар ана тилимиздиң байлығынан дәрек береди.

Бирақ, кейинги ўақытларда тилимиздеги сөзлерди бузып қолланыў, сөзлердиң мәнисине итибар бермеў, гәплерди грамматикалық, стилистикалық жақтан надурыс дүзиў жағдайлары жийи ушырасады. Пикиримизди газеталардағы текстлерден алынған мысаллар менен дәллеўимиз мүмкин. «Муғаллимниң баҳасы артады» («Устаз жолы» газ). Негизинде баҳа сөзи предмет ҳәм затлардың қунын аңлатыў ушын қолланылады, буның орнына муғаллимниң қәдири артады деп қолланыў дурыс болар еди. «Ҳәр күни үш мәҳәл аўқат писиремиз» («Шыпакер» газ.). Бул жерде мәҳәл сөзиниң орнына мезгил, «Топырақты бәҳәрги егиске таярлаў» («Шоманай нуры» газ.), бул жерде топырақ сөзиниң орнына жер сөзин қолланыў керек еди. «Буннан тысқары гөдеклердиң күнделикли аўқатланыў рационына гречка, бийдай ҳәм басқа да жармаларды киритиў мақсетке муўапық» («Устаз жолы» газ.). Бул мысалда әдебий тилимиздеги нәресте сөзиниң орнына гөдек диалектизми қолланылған. Қарақалпақ тилинде гөдек сөзиниң аңқаў, сада семалары да бар, мысалы аңгөдек. «Усындай бийбаҳа мәселелер нызамларымызда, әдалатлы сиясатта сәўлелениўи түпкиринде адам мәпиниң бахты гиреўлениўи менен айрықшаланады» («Тынышлық сақшысы» газ.). Бул мысалдағы бахты гиреўлениўи сөз дизбеги стильлик жақтан надурыс қолланылған. Қарақалпақ халқының аўызеки сөйлеў тилинде көзи гиреўленди сөз дизбеги көзиниң көриўи төменлеп баратырғанын аңлатады. Бердақ шайыр да өз қосықларының биринде көзим гиреў тартты деп қолланған. Демек, бул мысалда бахты кепиллениўи менен айрықшаланады деп қолланыў дурыс болар еди. «Бундай жаўыз нийетлилер Ўатанымыздағы тынышлықты көре алмай, елеге шекем жаўыз нийетлерин әмелге асырыўдан қайтқан жоқ» («Устаз жолы» газ.). Бул мысалда жаўыз, нийет сөзи еки мәртеден қайталанған (тавтология).

Сондай-ақ, кейинги ўақытларда тилимиздиң ишки имканиятларын инабатқа алмаў жағдайларын, басқа тиллердиң тәсирин жийи ушыратамыз. Бул жағдай тек ғана аўыз еки сөйлеўде емес, ал жазыў мәдениятына да тәсир көрсетпекте. Мысалы: тараў сөзин соҳа, тийкар сөзин асос, түп нусқа бирлигин аслига, тийисли сөзин оид формасында қолланыў әдетке айланып бармақта. Әлбетте, медиа текстлеринде қолланылған ҳәр қандай сөз ҳәм термин көп узамай лексикамызға кирип барады. Бул тилимиздиң ишки имканиятында бар болған, дәл мәнисин беретуғын сөздиң орнына басқа тилдеги вариантының қолланыўына тийкар жаратады. Бундай жағдайларға итибарсызлық миллий әдебий тилимиздиң раўажланыўына, жәмийетшиликтиң саўатлылығы ҳәм тил мәдениятына кери тәсир тийгизеди. Әсиресе, сөз қолланыў, гәп дүзиў, гәптиң стилистикалық жақтан дурыслығына дыққат бермеў көринислери көп ушырасады.

Әлбетте, айрым изертлеўшилер «ғалаба хабар қураллары, соның ишинде газета тили – әдебий тилдиң сынақ майданы» – деп есаплайды. Бирақ, биз бул пикирге қосыла алмаймыз. Керисинше, газета тили – ана тилимиздиң айнасы, сөйлеў ҳәм жазыў мәдениятының үлгиси болыўы керек. Сонлықтан да, тилимиздиң ишки имканиятларынан дурыс пайдаланыў, әдебий тилимиздиң қағыйдаларын сақлаў, тил мәдениятын жетилистириў, ҳәр бир дәўирде де әдиўли ўазыйпа есапланады. Ана тилинде дурыс жазыў ҳәм дурыс сөйлеў инсанның Ўатанына, халқына болған ҳүрметин көрсетиўи менен бирге, оның қандай инсан екенлигинен де дәрек береди. Себеби, инсанның ой-қыялы оның сыртқы көринисинен билинсе, сөзи-гәпи ким екенлигинен мағлыўмат беретуғын либасы есапланады.

 

Оразымбетова Злиха Қдырбаевна,

ҚМУ Журналистика кафедрасы профессоры ў.а., филология илимлериниң докторы

 

 

Пайдалы дереклер