Адалат социал демократиялық партиясы тәрепинен «Бар меҳримиз саған балажан» сүрени астында наўқас балаларға инсаныйлық жәрдем көрсетиў мақсетинде акция шөлкемлестирилди.
Өткерилген акцияда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети жәмәәти ҳәм студент-жаслары да белсене қатнасты. Қан бериўдеги баслы мақсет республикамыздағы жас өспирим майып балаларға бийғәрез жәрдем бериўден ибарат.
Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,
Биология факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары




