⚡️Қарақалпақстанға мийнети синген халық билимлендириў хызметкери Имаматдин Турманов 80 жаста

2021-жыл 16-декабрь күни Қарақалпақстанға мийнети сиӊген халық билимлендириў хызметкери Имаматдин Турманов 80 жасқа толды. Усы сәне мүнәсибети менен  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уиверситетинде әдиўли устазды қутлықлаў кешеси болып өтти.

Кешени Университет ректоры, профессор Реймов Ахмед Мамбеткаримович кирис сөз бенен ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде, бай тәжирийбеге ҳәм фундаменталь билимге ийе болған устаздың өмир жолы, жумыс тәжирийбеси, ҳадаллық ҳәм пәклиги, жаңалыққа умтылыўшаңлығы, талапшаңлығы, кишипейиллик, өзин емес жумысын көрсетиўге умтылыўшылық пазыйлетлери жас оқытыўшылар ҳәм студентлерге үлги болып киятырғанлығын айта отырып,  белгили илимпаз ҳәм тәжирийбели устаз Имаматдин Турмановты туўылғанына 80 жыл ҳәм илимий педагогикалық хызметине 58 жыл толыўы менен шын жүректен қутлықлап, университет жәмәәти ҳәм шәкиртлери атынан устазға беккем денсаўлық, узақ өмир, шаңарағына аманлық, халық ийгилиги ушын ислеп атырған жумысларында тасқын табыслар тиледи.

Бунан соӊ Қарақалпақ мәмлекетлик уиверситети Санаат технологиясы деканы Р.Қурбаниязов сөзге шығып, кеше қатнасыўшыларына улгили устаз Имаматдин Турмановтыӊ өмир жолы ҳәм илимий-педагогикалық хызметлери ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Соӊ қутлықлаў ушын кеше қатнасыўшыларынан Қарақалпақ мәмлекетлик университети ветеранлар кеңеси баслығы, профессор Бахтияр Абдикамалов, көп жыллар даўамында елимизде жоқары басшы лаўазымында ислеген кәсиплеслери, заманласлары ҳәм шәкиртлеринен Қайыпберген Юсупов, Жақсымурат Мәмбетов, доцент Базарбай Тәнирбергенов,  Максет Бабаниязов, НМПИ илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Муятдин Жалелов, усы институттыӊ Суўретлеў өнери ҳәм технологиялық тәлим факультети деканы Жанжайхан Дарменовлар сөзге шығып, устазды 80 жыллық мүбәрек жасы менен қутлықлап, өзлериӊ жақсы тилеклерин билдирди.

 

Пайдалы дереклер