Әҳмийетли мәселелер қаралып, жоқары нәтийжелерге ерискенлер сыйлықланды

Бүгин, 29-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Илимий кеңес мәжилиси болып өтти.

Университет Кеңесиниң мәжилисинде бир қатар мәселелер көрип шығылды.

Университет ректоры Ахмед Реймов қатнасып, жуўмақланып атырған 2021-жылдың соңғы айында жоқары нәтийжелерге ерисип,  мәмлекетимиз көлеминде өткерилген түрли таңлаўларда ҳәм спорт жарысларында сыйлы орынларды алыўға миясар болған профессор-оқытыўшыларды табыслары менен қутлықлады.

 Оларға университет ректораты тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Университет Кеңесиниң мәжилисинде нәўбеттеги мәселелер:

Университет таяныш докторантура, докторантура ҳәм стажёр-излениўшиликке қабыллаў жуўмақлары ҳәм питкериўши курс таяныш докторантларының докторлық  (PhD) диссертацияларын жақлаў бойынша илимий жумысларының нәтийжелери ҳаққында Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов,

Жынаятшылыққа қарсы гүресиў, коррупция ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ис-илажларын жетилистириў ҳаққында жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов,

Факультетлерде оқыў, илимий изертлеў, тәлим-тәрбия ислери бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм үйрениў нәтийжелери ҳаққында Химия-технология (Б.Нурымбетов) ҳәм Дене мәденияты (Н.Қайпов) факультетлери деканларының есабаты тыңланды.

 

Мағлыўмат ушын: Жоқары табысларды қолға киргизип, сыйлықланғанлар:

1.Университет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси Инжайым Сейтназарова – Жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген реформалар билимданы таңлаўында «Ең белсенди ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы» номинациясында 1-орынды ийеледи.

2.Шет тиллер факультети “Аударма теориясы ҳәм әмелияты” кафедрасы баслығы Жеткер Сейтжанов – Жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген реформалар билимданы таңлаўында «Руўхыйлық ислери бойынша ең үлгили кафедра» номинациясында 3-орынды ийеледи.

3 Көркем өнер факультети «Педагогика ҳәм психология» кафедрасы доценти Наргиза Сағындыкова – Өзбекстан Ҳаял-қызлар «Олима уюшмасы» тәрепинен шөлкемлестирилген VI-Республика “Илим жулдызлары” интелектуал көрик таңлаўында 2-орынды ийеледи.

4.Дене мәденияты факультети «Дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы» кафедрасы оқытыўшысы Амангул Алланазарова – Ташкент қаласында өткерилген “Өзбек палўаны” спорт жарысында қатнасыпБ 63 кг салмақта 1-орынды ийеледи.

    1. Дене мәденияты факультети «Дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы» кафедрасы оқытыўшысы Абызатдин Алхамов – Ташкент қаласында өткерилген “Өзбек палўаны” спорт жарысында қатнасып, 81 кг салмақта 2-орынды ийеледи.
  1. Дене мәденияты факультети «Дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы» кафедрасы оқытыўшысы Равшан Қалеков – Ташкент қаласында өткерилген “Өзбек палўаны” спорт жарысында қатнасып, 90 кг салмақта 3-орынды ийеледи.
  2. Дене мәденияты факультети студенти Шерзод Мамутов – Токио олимпиада қатнасыўшысы.

 

 

Пайдалы дереклер