▪️Бүгин, 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, Студентлер турар үйинде жаратылған шараятлар менен танысты.
ҚМУ ректоры Ахмед Реймов университет Ҳаял-қызлар Кеңеси жанында шөлкемлестирилген дөгерек ҳәм клуб жумыслары ҳәм Студентлер турар үйинде жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Ушырасыў даўамында мийманлар Студентлер турар уйинде жасап атырған жасларымыздың турмыс жағдайлары менен жақыннан танысып, бул жерде шөлкемлестирилген «Қызларжан» клубы, «Шебер қоллар», «Миллий кестешилик», «Тоқымашылық» дөгерегине ағза талантлы студент қызлардың қол мийнетинен дөреген жумысларын көзден өткерди.


Студентлер турар үйиниң турмысы менен танысып, бул жерде студентлер ушын жаратылған шараятларды үйрениў ҳәм оларға және де кең имканият пенен жақсы қолайлықларды жаратыў мақсетине бағдарланған ушырасыў студент жасларымызда үлкен миннетдаршылық сезимин пайда етти.




ҚМУ Баспасөз хызмети.