2022 жыл 18-январь күни Экономика факультетинде Оқыў методикалық бөлими методисти Баймуратов Илхам тәрепинен «Жоқары оқыўды басқарыў-HEMIS платформасынан нәтийжели пайдаланыў» атамасында семинар-тренинг болып өтти. Семинар тренингте 2021-жыл 24-декабрьдеги ПҚ-60-сан ҳәм ПҚ-61-сан қарарларыныӊ мазмун- әҳмийети ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди. Семинар даўамында HEMIS электрон платформасы деген не?, электрон платформа қандай принциплер тийкарында қурылған?, электрон платформа мәмлекет жоқары оқыў орны системасына қандай мүмкиншиликлерди береди?, системада оқыў дәстүрлери қандай жаратылады? деген сораўларға профессор-оқытыўшылар тәрепинен жуўаплар алынды.



Экономика факультети декан орынбасары А.Закимов