ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНДАҒЫ ҲАЯЛ- ҚЫЗЛАР КЕҢЕСИ ЖУМЫСЛАРЫНА АЙРЫҚША ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА

Бүгин 2022 -жыл, 22 -январь күни Өзбекстан Республикасы  Жоқары ҳам орта арнаўлы билимлендириў  министрлиги тәрепинен  «Оқыў орынларында руўхый- ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин асырыў» бағдарындағы семинар болып өтти.  Семинарға  республикадағы барлық жоқары  оқыў орынларының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый- ағартыўшылық  ислери бойынша проректорлары ҳәм жоқары оқыў орынлары ректорларының  ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери,  сондай-ақ, факультет деканларының  ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери қатнасты.

Семинарда Жоқары ҳам орта арнаўлы билимлендириў  министрлигиниң руўхый-ағартыўшылық  тәрбия басқармасы баслығы Норим Раҳманов, усы басқарманың жетекши қәнигеси  Дилдора Солихўжаева  ҳәм  Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасынан Ў.Ўтаевлар  сөз  сөйлеп, оқыў орынларындағы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша  мәсләҳәт кеңеслериниң тийкарғы ўазыйпалары, ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм ғамхорлықлар, сондай-ақ ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, гендер теңлиги, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў , сондай-ақ студент- қызлардың тәлим – тәрбиясына байланыслы мәселелер бойынша өзлериниң  пикир- усынысларын билдирди.

Соның менен бирге,  жоқары оқыў орынларында Жоқары ҳәм орта арнаўды билимлендириў министрлигиниң  арнаўлы буйрығы менен ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кенес баслықларының статусы көтерилгенлиги, яғный  ректор мәсләҳәтшиси ҳәм де факультетлердеги ҳаял-қызлар кеңеси жетекшилериниң декан мәсләҳәтшиси дәрежесине  көтерилгени, оларға қосымша үстемелер берилиў мәселеси, сондай-ақ аудиториялық оқыў саатларында  белгиленген тәртипте қысқарыўлар болып атырғанлығы – ҳаял-қызлар кеңеси баслықларының  келеси ўақытларда студент –қызлар менен жумыс алып  барыўда булар  өз нәтийжесин беретуғынлығы ҳаққында айтып өтилди.  Ҳаял-қызлар кеңеси жумысларын  еле жанландырыў , оқыў орынларындағы ҳаял- қызлар,  студент қызлар менен  үзликсиз түрде жақыннан ислесиў, әсиресе имканияты шекленген, социаллық жәрдемге мүтәж , жетим, шын жетим қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў , олар менен мәнзилли түрде ислеў ҳәм көмек бериў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Семинарға Бердақ атындағы Қарақалпақ  мәмлекетлик университетиниң де Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси жәмәәти де белсенди қатнасты.

Инжайым Сейтназарова –

ҚМУ Ректорының

 ҳаял-қызлар мәселелери

 бойынша  мәсләҳәтшиси

 

Пайдалы дереклер