ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНДА СЕРГЕКЛИК! Бунда қандай мәселелерге әҳмийет қаратыў керек?

Бүгин, 24-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети руўхыйлық мәжилислер залында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» ҳәм «Кийиниў мәденияты» атамаларында ҳәм де «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Илажды университет жаслар мәселелери ҳәм  руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов басқарып барды.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде жаслардың санасын ийелеў ушын болып атырған гүреслер, әсиресе, буның ушын динди нықап етип, терроризм ҳәм экстремизмге бағдарлаў, миссионерлик ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Әсиресе, соңғы ўақытларда интернет глобаллық тармағы, соның ишинде социаллық тармақлар арқалы өзлериниң унамсыз ҳәрекетлерин алып барып атырған қара нийетли топарлардың күшейип атырғанлығы, булардан аўлақ ҳәм бәрқулла сергек болыў ушын қандай мәселелерге әҳмийет қаратыў кереклиги ҳаққында университет факультетлериниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары ҳәм де факультетлердиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшилерине түсиниклер берди.

Университет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова ҳәм де Юридика факультети Миллий идея руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы А.Байрыевалар өз баянатлары менен қатнасты.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер