Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының 2022-жыл 12-январдағы 13/22-санлы хатига муўапық, 2022-жылдың 26-январъ күни саат 12:00 де ЗООМ платформасы арқалы “Мусылман дүньясы алымларының жәҳәнде тутқан орны” атамасында халықаралық илимий-әмелий веб-форумы өткерилетуғынлығын мәлим етемиз.
Сол мүнәсибет пенен университеттиң тараў қәнигелериниң усы форумда қатнасыўлары мүмкинлиги ҳаққында хабар беремиз.