Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студентлери ушын онлайн сабақлар даўам етпекте. Ҳәзир 1-а Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарында «Медиа тили ҳәм стили» пәнинен лекция сабағы болып атыр. Zoom платформасы арқалы көргизбели слайд ҳәм э-тарқатпа материаллардан пайдаланған ҳалда студентлерге қызықлы тәризде тема түсиндирилмекте.

– Cабақларды Zoom, module платформасы арқалы өз ўақтында өзлестирип атырмыз, – дейди Гүлайым Мақсетова. – Оқыў сабақлықларын электрон китапхана, платформалар жәрдеминде жүклеп алып пайдаланыў ҳәр тәреплеме қолайлы. Оқыўға қатнасып, өзлестириўимизди ата-атаналарымыз да бақлап барыў имканиятына ийе. Ҳәр күни 2-3 жуплық сабақ өтемиз. Платформаларға барлық ресурслар жайластырылған. Онлайн тәлим дәстүрийден түптен парық қылмайтуғын екен. Биз, студентлердиң билим алыўымыз ушын имканият жаратып берип атырған факультет жәмәәти, устазларымызға рахмет айтамыз.

Сондай-ақ, 4-а Қарақалпақ филологиясы тәлим бағдары студентлери ушын кафедра доценти Абадан Досымбетованың «Ҳәзирги қарақалпақ әдебияты ҳәм әдебий процесс» пәнинен онлайн сабағы болып өтпекте. Студентлер толық сабаққа аралықтан қатнасып атыр. Олар бир ўақыттың өзинде теманы слайд, видео, тарқатпа материаллар менен еле де беккемлеў имканиятына ийе болмақта.


Бүгинги күнде факультет кафедралар кесиминде пәнлердиң электрон оқыў ресурслары ислеп шығылып, аралық тәлим платформасына жайластырылған. Аралық тәлимниң мәлимлеме-ресурс базасын толық қайта көрип шығыў, турақлы ислеўи қадағалаўға алынды. Ҳәр күни профессор-оқытыўшылар тәрепинен сабақ процеслери өз ўақтында өтилиўи турақлы мониторинг етип барылмақта.