Қурылыс факультетинде үш бакалавр бағдар ҳǝм 3 магистратура қәнигелиги бойынша билимли, зийрек ҳәм талапшаң жаслар билим алып келмекте. Бакалавр бағдарларында жǝми 1014 студент болып, олар ҳǝзирде толық онлайн оқыў процессине белсене қатнасып атыр. Факультетте 2 кафедра болып, 40 тан аслам профессор-оқытыўшылар жасларға сапалы билим берип, маман кадрлар болып жетилисиўинде илим сырларын үйретип келмекте.
Оқыў процесси 2 сменада шɵлкемлестирилип, бунда профессор-оқытыўшылар Zoom платформасы арқалы видеоконференция шɵлкемлестирип лекция, ǝмелий, семинар ҳǝм лаборатория сабақларын презентация ҳǝм қосымша программалар арқалы түсиникли ҳǝм мазмунлы етип жеткерип бермекте.
Тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар онлайн сабақларды шеберлик пенен ɵтип атыр. Студент жаслар тийисли пǝнлер бойынша ɵзлерине керек болған барлық ǝдебиятларды ҳǝм электрон ресурслардан атап айтқанда https://moodle.karsu.uz, https://hemis.karsu.uz ҳәм басқа да сайтлардан алып пайдаланбақта.
Онлайн оқыў процесси 24-январь сәнесинен баслап 24-февраль сǝнесине шекем режелестирилген болып, карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда оқыў процесси үзликсиз даўам етпекте. Студент жасларға ҳәр күнги онлайн сабақларға үзиликсиз қатнасыўына шақырып, излениўден ҳәм билим алыўдан ҳеш қашан шаршамаң деп қаламыз.



Қурылыс факультети декан орынбасары А.Сейтимбетов