Халықаралық илим тараӯындағы ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Юридика факультетинде өткерилген ушырасыў

Юридика факультети ҳаял-кызлар мәселери бойынша декан мәсләҳәтшиси Г.Пирниязова студент қызлар менен «11-февраль Халық аралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни»не бағышланған Қарақалпақстан Республикасында ҳуқықый  илим тараўыныӊ раўажланыўына өз үлесин қосқан ҳәм шәкиртлер таярлаўды даўам етип атырған, деканлар арасында жалғыз ҳаял-қыз болып ислеп киятырған юридика илимлери докторы, профессор Е.Қутыбаева менен ушырасыӯ өткерди.

Е.Қутыбаева өзиниң мийнет жолын илим тараўына бағышлаған, бул тараӯда 40 жылдан аслам ислеп атырған устаз. Ҳүрметли устаздың  Өзбекстан Республикасыныӊ пүткил аймағында көплеген шәкиртлери болып, ҳуқыққорғаӯ уйымларында ҳәм халық хожалығыныӊ басқа да тараӯларында жемисли мийнет етип келмекте. Соныӊ менен бирге өз шаӊарағына да жетерли итибар қаратып, перзентлерине де жоқары тәрбия ҳәм билимлер берген.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасыныӊ илимий потенциалын раӯажландырыўда өз үлесин пидайлылық пенен қосып келмекте.

Сәўбет даўамында студент қызлар өзлериниӊ қызықтырған сораўларын берип,  жуўаплар алды.

Пайдалы дереклер