УНАМСЫЗ ИЛЛЕТЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН  СӘЎБЕТ БОЛЫП ӨТТИ

Усы жылдың 11-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс ҳәм Экономика факультетлери ҳаял-қызлар кеӊеси тәрепинен ҳаял-қызлар арасында ушырасып атырған ҳуқықбузарлықтыӊ алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ,  ҳәр қыйлы унамсыз жат иллетлердиң алдын алыў мақсетинде «СЕРГЕКЛИК ҲӘМ ИТИБАРЛЫЛЫҚ ТЫНЫШЛЫҚ ГИРЕЎИ» атамасында тийисли тараў қәнигелери ҳәм студент жаслар арасында сәўбетлесиў-мәсләҳәт кешеси болып өтти.

Кешеде Қарақапақстан Республикасы ИИБ тергеўшиси подполковник У.Оразбаева, Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетиниӊ Қарақапақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Х.Незаматов, Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетиниӊ Қарақапақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигеси Б.Айымбетова, Қарақалпақстан Республикасы рухыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов, Нөкис қаласы мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап- қуўатлаў бөлиминиӊ нураныйлер ҳәм жаслар бойынша қәнигеси Х.Зийуатдинов сондай-ақ факультет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшилери ҳәм факультет тьюторлары қатнасты.

Кеше барысында тараў қәнигелери бүгинги күнде дин нықабы астында жас әўладты ҳәр қыйлы бузғыншы идеяларға ийкемлестириўди мақсет етип қойған түрли ағымлардан асыраўымыз, интернеттиӊ раўажланыў дәўиринде ҳәр қыйлы тармақларда берилип атырған тийкарсыз мағлыўматларға исенбеў кереклиги, сондай-ақ, жаслардыӊ сана -сезиминде ана Ўатанымызға болған муҳаббатын, әййемги бай тарийхымызға болған садықлық сезимин еледе қәлиплестириўимиз, сондай-ақ, олардыӊ руўхый иммунитетин күшейтиўимиз зәрүрлиги ҳаққында кеӊнен түсиник берип өтти.

Студент-қызларымыз бул кешеден өзлерине өмири даўамында пайдалы болған әҳмийетли мәсләҳәтлер алып, бир қанша ҳуқықый билимлерге ийе болды.

 

    Рита  Пахратдинова  –

Қурылыс факультети ҳаял-қызлар

 мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси.  

Пайдалы дереклер