Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 27-декабрь күнги «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында» ғы 541-санлы буйрық талапларын орынлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты тәрепинен Экономика факультети студентлери 2021-2022- оқыў жылының екинши ярымында оқыўын Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде даўам еттириўи ушын Ташкент қаласына жиберилди.
Ташкент қаласына студентлеримиз «Финанс» кафедрасы доценти Бахытжан Сарсенбаевтың басшылығында жетип барды.
Студентлеримизди университет ректоры Қоңыратбай Шарипов жыллы жүзлилик пенен күтип алды.

Ташкент мәмлекетлик экономика университети ректоры тәрепинен студентлеримизге университеттиң 90 жыллығына арналып шығарылған «значок»лар тапсырылды.


«Финанс» кафедрасы доценти Б.Сарсенбаев