Мәмлекетимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысында ҳаял-қызлардың ролиниң асырылыўы миллий ҳәм демократиялық қәдириятларды және де раўажландырыўға хызмет етеди. Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәр бир шығып сөйлеўлериндеги аналарымызға, апа-сиңлилеримизге, жас ғана қызларымызға болған итибары журтымызда Ҳаял-қызларға болған итибардың жоқары үлгиси есапланады.
2022-жылдың 1-март сәнеси күни Өзбекстан ҳаял-қызлары тарийхында умытылмас сәне болды десек ҳасла асыра айтқан болмаймыз. Себеби бул күни Өзбекстан Республикасы Президенти тиккелей ҳаял-қызларға арналған видеоселектр мәжилисин өткерди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев тǝрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде билдирилген ҳәр бир пикирди бǝрше қатары үлкен қызығыўшылық пенен тыңладым.
Жәмийет таянышы, шаңарақлардын уйытқысы, перзентлердиң акыллы тәрбияшысы болған ҳаял-қызлардың әйне бүгинги күнде ойландырып келген мәселелерине шешим болатуғын, олардың бүгинги күнинен кеўли толып, ертеңги күнине үлкен үмит беретуғын анық режелер белгилеп берилгенлигине әпиуайы үй бийкеси, ана ҳәм жоқары оқыў орнында қызлар тәрбияшысы сыпатында жүдǝ кеўлим толды.
Президентимиз тәрепинен Ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-куўатлаў бағдарламасының қабыл етилиўи ҳаққындағы пикири билим алыуға ықласы бәлент қызларымыздың илим жолында үлкен бурылысларға жол ашылыўына түртки болып, бул өз гезегинде келешегимиз тийкарының еле де беккем болыўына тәмийинлейди.
Тоқымашылык тараўында айрықша университет, техникумлар шөлкемлестирилиўи, анық пәнлер, техника ҳәм юридика қәнигелигине қабыллаў 24 проценттен 40 процентке жеткерилиўи, жокары окыу орынлары, техникум ҳәм колледжлерде оқып атырған қызларға тәлим кредитиниң 7 жылға ҳеш қандай процентсиз берилиўи- үлкен жаңалықлардың бири болды.
Бундай итибар ҳаял-қызларымыздың билим алыўга болған қызығыўшылық ҳәм үмитинин еле де артыўына айрықша тийкар болады.
Сондай ақ, перзент тәрбиясы ҳәм оның келешеги ушын ата-ананың жуўапкершилигин арттырыў, шанарақта ҳаяллардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиуге айрықша тоқталып, соның менен бирге алимент төлемлерин кепилликли тәмийинлеў мақсетинде 2022-жыл 1-июльдан «Алимент толемлери фонды»н дузиўге тоқталып өтти.
Ҳәр жылы 50 қыз абыройлы шет ел жоқары оқыу орынларына бакалавр ҳәм 10 қыз магистратурага жиберилиўи, доктарантура багдарында ҳаял-қызлар ушын кеминде 300 мақсетли квота ажыратылыўы- тиккелей елимиздиң билимлендириў тараўының раўажланыўы ушын үлкен ǝҳмийетке ийе.
Социаллық жǝрдемге мүтǝж шаңарақларда тарбияланып атырған, ата яки анасын жоғалтқан жәми 2,1 мың қызлардың ҳәм магистратурада оқып атырған қызлардың контракт төлемлери жергиликли бюджеттен төлениўи
Президентимиздиң аталарша ғамхорлығы екенин терең сезиндим, билимге болған ықласы еле де артып атырған қызлардың қуўанышы ҳǝм шадлығы ериксиз көз алдымнан өтти. Себеби, ҳаял-қызлар билимли болса олар келешекте перзентлерине жақсы тǝрбия берип, бул арқалы жǝмийеттиң раўажланыўына өз үлесин қосады, шаңарағында бахыт таўып, өмиринен кеўли толып жасайды ҳǝм жǝмийетте өз орнына ийе болады.
Халқымыз ǝзел-ǝзелден жетимниң басын сыйпаған, мүтǝжлерге қолынан келгенше жǝрдем қолын созған, қыйналғанға сүйеў болған сақый халық. Видеоселекторда Президентимиз тǝрепинен атап өтилгениндей, усы жылы ипотека кредитлери бойынша ажыратылатуғын субсидиялардың 40 процент ҳаял-қызларға бағдарланыўы, 27 мың ҳаял-қызлардың үй-жай шәраятларының жақсыланыўы, 14 мың жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға ижара төлемлери ушын компенсация төлеп берилиўи, 10 мыңнан зыят нәгиранлығы болған хаял-қызлар реабилитация қураллары менен тәмийинлениўи жоқарыдағы пикирлеримиздиң айқын дǝлийли болып табылады.
Сондай-ақ, жәрдемге мүтаж жалғыз ҳаяллардың перзентлери
ушын мәмлекетлик бақша төлемлериниң бюджеттен қаплап берилиўи-ҳәр бир баланың теңдей тәлим-тәрбия алыўына, саў-саламат камалға келиўине бағдарланған әҳмийетли басламалардың бири болды десек асыра айтқан болмаймыз.
Президентимиз тǝрепинен билдирилген ҳǝр бир мǝселе анық ҳǝм бүгинги күн ушын жүдǝ зǝрүр екенлиги менен үлкен ǝҳмийетке ийе.
Амелге асырылып атырган реформалардың мазмуны «Инсан қәдири ушын» принципине тийкарланған болып, елимизде ҳеш ким, ҳеш қашан итибардан шетте қалмаўына еле де исенимин беккемлейтугын, сондай ақ ҳалықтың арзыў ҳǝм тилеклери жǝм болғанлығын толық аңлаймыз.
Видеоселектор даўамында Президентимиз тǝрепинен ҳаял-қызлар ҳәм олардың жәмийетте өз орнына ийе болыўға бағдарланған усыныс ҳǝм басламалардың мазмуны ҳǝм ǝҳмийетин халқымызға жеткериўде ҳәр биримизден белсендилик талап етиледи.
Себеби, ҳаял бахытлы болса, жǝмийет раўажланып, шаңарақлар еле де беккемленеди.
Алдағы ўақытта ҳаял-қызларымыз «Халқымыз бизден разы болыўын қәлесек, ең дәслеп ҳаял-қызларымыз ушын мүнәсип турмыс шәраятын жаратыўымыз керек» деп жан күйдирип атырған Президентимиздиң исенимин ақлап, имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жаңа Өзбекстанның жарқын келешегине аянбай үлес қосатуғынлығына исенемиз.
Инжайым Сейтназарова –
ҚМУ Ректорының Ҳаял- қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.