⚡️ Ҳиндистан Шарда университетинен доктор Назрул Ислам хызмет сапары менен университетимизге келди

Усы жылдыӊ 15-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ҳиндистан Шарда университетинен доктор Назрул Ислам, Шарда университетиниӊ Әндижан қаласындағы филиалынан Абдулла Халимжанов қатнасында ушырасыӯ болып өтти.
Ушырасыӯ барысында Президенттиӊ арнаӯлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстандағы еӊ дәслепки меншиклестирилген усы университет ҳақққында кеӊ түрде мағлыӯмат берилди. Бунда тийкарынан инженерлик ҳәм бизнес бағдары, информациялық технологиялар ҳәм басқа да бүгинги күнде еӊ әҳмийетли тараӯлар бойынша жетик қәнигелер таярлаӯ бағдарында жумыслар алып барылады.
Өзбекстанда Азияныӊ еӊ жетекши глобал университетиннен саналған Ҳиндистан Шарда университети Әндижан филиалы турмысы ҳәм ондағы қолайлықлар ҳаққында презентация исленип, Ҳиндистан Шарда университети турмысынан таярланған видеоролик қойып берилди.
Ҳиндистан Шарда университети ҳәм усы университеттиӊ Әндижан филиалы менен бирге ислесиӯлер бойынша пикир билдирилди.

 


Бул ушырасыӯды университеттиӊ Оқыӯ ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев алып барды ҳәм усы оқыӯ орынлары ӯәкиллери менен болған ушырасыӯдыӊ әҳмийетин жоқары баҳалап, келешекте бирге ислесиӯлердиӊ нәтийжели алып барылыӯына тилеклеслик билдирди.
-Бул ушырасыӯымыз келешектеги бирге ислесиӯлерге тийкар, -дейди Ҳиндистан Шарда университетиниӊ Әндижан филиалы оқытыӯшысы.

Ушырасыӯға Қарақалпақстанныӊ бир қатар жоқары оқыӯ орынлары оқытыӯшылары, магистрлар менен студент жаслар қатнасты.
Қатнасыӯшылар оқыӯ орны ҳаққында өзлериниӊ сораӯлары менен мүрәжат етип, толық жуӯаплар алды.

 

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер