Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыӯ орынларына оқыӯға кириӯде қандай имканиятлар бар?

          Усы күнлерде социаллық тармақларда кеминде 5 жыллық ис стажына ийе ҳаял-қызлар жоқары оқыӯ орынларына имтихансыз қабыл етилиӯи, билим алғаннан кейин олар және 5 жыл таӊлаған бағдары бойынша ислеӯи кереклиги, усыныснама тийкарында жоқары оқыӯ орынларыныӊ тәлим бағдарына кириӯи мүмкинлиги ҳаққында хабарлар тарқалды.

          Усы темаға Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети басқарма баслығы Дилшода Мирзажонова менен сәӯбетлесиӯ даӯамында айдынлық киргиздик.

 – Президентимиздиӊ 2022-жыл 7-марттағы тийисли пәрманында 2022/2023 оқыӯ жылынан баслап қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе, лекин жоқары мағлыӯматқа ийе болмаған 500 ҳаял-қызды ҳәр жылы комитет усыныснамасына тийкар мәмлекетлик жоқары оқыӯ орынларыныӊ бакалавриат тәлим бағдарларына улыӯмалық қабыллаӯ параметрлеринен тысқары өз алдына бөлек тест сынақлары нәтийжелерине муӯапық төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етиӯ әмелиятын енгизиӯ белгиленген. 

          Бул бойынша Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети тәрепинен қандай илажлар әмелге асырылмақта?

 – Усы тарийхый ҳүжжет пенен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканият жүдә үлкен социаллық әҳмийетке  ийе. Пәрманда белгиленген усы ӯазыйпаныӊ орынланыӯын тәмийнлеӯ мақсетинде Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетинде Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министрлиги, Мәмлекетлик тест орайы ҳәм басқа мәпдар министрлик ҳәм кәрханалардыӊ жуӯапкер хызметкерлеринен ибарат қурамында исши топар дүзиледи.

          Исши топар тәрепинен “Қәнигелиги бойынша кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызларды жоқары билимлендириӯ оқыӯ орынларына өз алдына арнаӯлы тест нәтийжелерине бола төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етиӯ тәртибин тастыйықлаӯ ҳаққында”ғы норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылды. Усы ҳүжжет пенен Қәнигелиги бойынша кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызларды жоқары оқыӯ орынларына өз алдына арнаӯлы тест нәтийжелерине бола төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етиӯ тәртиби тастыйықланыӯы көзде тутылған.

 – Жойбарда Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети усыныснамасын бериӯде қандайдур өлшемлерге тийкарланыӯ нәзерде тутылған ба?

 – Усы жойбарда усыныснама алыӯ ушын талапкерлер орта-арнаӯлы ҳәм профессионал тәлим бойынша қәнигеликке ийе болыӯы, усыныснама алғанға шекем жоқары билимге ийе емеслиги ямаса оқымағанлығы, орта-арнаӯлы яки профессионал тәлим қәнигелиги бойынша бес жыллық мийнет стажына ийе болыӯы сыяқлы өлшемлердиӊ барлығына дурыс келиӯи зәрүрлиги нәзерде тутылмақта.

– Жойбарда бес жыл ис стажына ийе болған ҳаял-қызлар ушын ажыратылған төлеӯ-контракт тийкарындағы 500  өз алдына бөлек квотаны бөлистирилиӯи де көзде тутылғанба?

 – Аӯа. Жойбарда Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министрлиги тәрепинен Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети менен келисилген жағдайда ҳәр жылы 5 июнға шекем усы квотаны мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлери кесиминде бөлистириӯ ҳәм тастыйықлаӯ ушын Өзбекстан Республикасы билимлендириӯ мәкемелерине оқыӯға қабыл етиӯ бойынша мәмлекетлик комиссиясына киргизиӯ белгиленген.

 – Демек, усыныснама алыӯ ушын талапкерлер жоқарыдағы өлшемлердиӊ барлығына сай келиӯи зәрүр екен. Соныӊ менен бирге, усыныснамаға ийе болған ҳаял-қызлар жоқары билимлендириӯ орынларына өз алдына бөлек таӊлаӯда тест сынаӯы нәтийжелерине көре төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етилер екен, демек?!

– Аӯа, әлбетте. Усыныснама талапкерлерге туӯрыдан-туӯры жоқары оқыӯ орынларына кириӯ жеӊиллигин бермейди. Усыныснамаға ийе болған ҳаял -қызлар жоқары оқыӯ орынларына өз алдына бөлек таӊлаӯда тест сынаӯы нәтийжелерине көре төлеӯ-контракт тийкарында оқыӯға қабыл етиледи.

          Жойбарда усыныснаманы бериӯ тәртиби, оқыӯға қабыл етиӯ бойынша қабыллаӯ параметрлерин белгилеӯ, талапкерлердиӊ тест сынаӯын шөлкемлестириӯ ҳәм нәтийжелерин дағаза етиӯ сыяқлы процесслердиӊ басқышлары анық белгилеп берилмекте.

          Атап айтқанда, усыныснамаға ийе болған абитуриентлер кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызлар ушын ажыратылған қосымша қабыллаӯ көрсеткишлери шеӊберинде оқыӯға қабыл етиӯ кириӯ имтиханлары (тест сынаӯлары, кәсиплик (дөретиӯшилик) имтихан, жазба имтихан) нәтийжелерине муӯапық қабыл етилиӯи белгиленбекте. Бунда усыныснамаға ийе болған ҳаял-қызлар ушын кириӯ имтиханлары (тест сынаӯлары, кәсиплик (дөретиӯшилик) имтихан, жазба имтихан) жоқары билимлендириӯ мәкемелериниӊ бакалавриатына қабыл етиӯ бойынша белгиленген тәртипке муӯапық әмелге асырылыӯы нәзерде тутылмақта.

           Жойбарда кириӯ имтиханларына топлаӯ мүмкин болған еӊ жоқары баллдыӊ 30 пайызы ҳәм оннан кем болмаған балл топлаған усыныснамаға ийе болған ҳаял-қызлар баллар избе-излигине қатаӊ әмел етилген жағдайда, кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял -қызлар ушын ажыратылған қосымша төлеӯ-контракт тийкарындағы қабыллаӯ көрсеткишлери шеӊберинде студентликке усыныс етилиӯи көзде тутылмақта. Сондай-ақ, жойбарда усыныснамаға ийе болған ҳаял-қызлар топлаған баллары менен абитуриент сыпатында дизимнен өтиӯ дәӯиринде таӊлаған тәлим бағдарларында улыӯмалық тәртипте таӊлаӯ нәтийжесине көре, студентликке усыныс етилмеген ҳаял-қызлар өз алдына ажыратылған қосымша төлеӯ-контракт тийкарындағы қабыллаӯ көрсеткишлери шеӊберинде таӊлаӯда қатнасыӯы белгиленбекте.

 

 

                                                                                               ЎзА хабаршысы

Назокат Усмонова

(Дерек: «ЎзА». Интервьюден ықшамлап алып таярланды)

Таярлаған: Г.Тажадинова.

 

 

Пайдалы дереклер