
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәтиниң 2021-2023-жылларға Жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылы орынланыў барысы бойынша конференция болып өтти.
Мийнет жәмәәти конференциясын Университеттиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры С. Алаўатдинов басқарып барды.
Күн тәртибинде Қарақалпақ мəмлекетлик университети ректораты ҳәм кәсиплик аўқам комитети арасында хызметкерлер ҳәм студентлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў бойынша 2021-2023-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылы орынланыўы бойынша қадағалаў комиссияси Акти ҳаққында;
Қарақалпақ мəмлекетлик университети ректораты ҳәм кәсиплик аўқам комитети арасында хызметкерлер ҳәмде студентлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў бойынша 2021-2023-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылы орынланыўы ҳаққында;
Қарақалпақ мəмлекетлик университети ректораты ҳәм кәсиплик аўқам комитети арасында хызметкерлар ҳәмде студентлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў бойынша 2021-2023-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасына 2021-жыл ушын қосымшалар киргизиў ҳаққында мәселелер қаралды.

Қарақалпақ мəмлекетлик университети кәсиплик аўқам комитети баслығы А.Аллияров Жәмәәтлик шәртнама бойынша хызметкерлер ҳәм студентлерди социаллық экономикалық қорғаў бойынша кәсиплик аўқам тәрепинен әмелге асырылған ислер бойынша есабат берди.