Қыз балалардың тәрбиясында мәҳәлле ,мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары байланыслары.

«Бир қыз баланы тәрбияласақ, бир шаңарақты тәрбиялаған боласыз »

 Ш. Мирзиёев

          Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды  жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы 2022-жыл 7-марттағы ПФ-87 санлы пәрманы қабыл етилген еди. Усы пәрман менен тастыйықланған Миллий бағдарламаның комплекс шара-тадбирлер режеси 109-бәнтинде Жаслар ислери агентлиги «Бәлағатқа жетпеген қызлар  менен шуғылланыўда «Шаңарақ-Мәҳәлле- Оқыў орны» өз-ара бирге ислесиў механизмин жанландырыў» ўазыйпасы қойылған еди. Усы мақсетте 2022-жыл 20-апрель күни Математика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси Ш. Ережепова ҳәм математика факультети 1-курс студентлери У. Бекбаева, Н. Сулаймановалар Нөкис қаласы «Сарбиназ» мәҳәллесинде жайласқан №11-санлы ХХБ бөлимине қараслы орта мектепте болып «Бир қыз баланы тәрбияласақ, бир шаңарақты тәрбиялаған боласыз» темасында сәўбетлесиў өткерди .

 

          Сәўбетлесиўге №11-санлы мектептиң Руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Р. Мәмбетниязова, Ҳаял-қызлар комитети баслығы П. Файзуллаева, Мектеп психологы Г. Сапарбаева, Мектеп шыпакери Г. Аманбаева ҳәм оқыўшы қызлар қатнасты. Сәўбетлесиўде Ш. Ережепова  2022-жыл 7-марттағы ПФ-87 санлы пәрманында айтып өтилгениндей өсип киятырған қыз балаларымыздың тәрбиялаўда шанарақ, мәҳәлле, оқыў орынларының өз-ара бирге ислесиў механизми әҳмийети менен таныстырды.

 

Сондай-ақ қыз балаларымызды турмысымызға жат болған идеялардан ҳәм зорлықтан қорғаў,  тыянақлы билим алыўын тәмийинлеў баслы мақсетимиз екенлиги айтып өтилди. Сондай-ақ 2021-2022 оқыў жылында президентимиздиң 4% -ли квотасы менен студентликке мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилип, факультетимизде айырықша баҳаларға оқып атырған студент қызларымыз    У. Бекбаева, Н. Сулаймановалар шығып сөйлеп ҳазирги ўақытта қызларымызға берилип атырған кең имканиятлар менен таныстырып, мектептиң питкериўши қызларына математика факультетине оқыўға тапсырып,  студент болыўға шақырды. Буннан соң Руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Р. Мәмбетниязова, Ҳаял-қызлар комитет баслығы П. Файзуллаевалар шығып сөйлеп ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги орны ҳәм мектепте билим алып атырған оқыўшы қызлардың жетискенликлери менен таныстырды. Сәўбетлесиў өз-ара ашық түрде пикир алыўлар менен қызықлы өтти.

 

 

 

Математика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси: 

Ш. Ережепова

 

 

Пайдалы дереклер