Қызлар тәлим-тәрбиясына байланыслы илаж.

«Қыз өссе елдиң көрки» дейди дана халқымыз. Усындай ата-бабаларымыздан киятырған ақыл-нәсият сөзлер бийкарға айтылмаған. Қызларымыздың тәрбиясына әзел-әзелден берли бийпарық қаралмағаны сыяқлы, ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын мүнәсип белгилеўде Ҳүрметли Президентимиздиң, сондай-ақ мәмлекетимиздиң итибары айырықша болмақта.

Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында да студент қызларымызға болған итибар ҳәм ғамхорлықтың мүнәсип үлгилерин көрсек болады. Университетте студент қызлардың билим алыўы, тәрбия алыўы, өнер үйрениўи, оларды турмысқа таярлаў ҳәм кәсипке бағдарлаўда бир қанша үгит-нәсият илажлары ҳәм әмелий илажлар алып барылмақта.

Жақында ғана Математика факультети 1-курс студент қызлары менен «Қыз үйдиң периштеси» темасында ашық түрде сәўбетлесиў өткерилди. Сәўбетлесиўге Университеттиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И. Сейназарова ҳәм Университеттиң Педогогика ҳәм психология кафедрасы доценти З. Матуразовалар қатнасты. Бул илажда университеттиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И. Сейназарова кейинги ўақытта ҳаял-қызларымызға мәмлекетимизде жаратылған шараятлар, итибар ҳәм ғамхорлыклар ҳаққында, соның менен бирге Президентимиз тәрепинен шығарылған Пәрман ҳәм Қарарлардың мазмун-әҳмийетине тоқтап өтип, қызлар тәлим-тәрбиясына байланыслы университет ишки тәртип қағыйдалары бойынша да кеңнен түсиниклер берди.

Буннан соң Педогогика ҳәм психология кафедрасы доценти, тәжрийбели психолог З.Матуразова студент қызларымызға психологиялық мәсләҳәтлер берип, оларды қызықтырған сораўларға жуўап берди. Илаж соңында психолог З. Матуразова тәрепинен психологиялық тренинг шөлкемлестирилди. Сәўбетлесиў өз-ара сораў-жуўаплар менен жүдә қызықлы өтти.

Ш. Ережепова
Математика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси.

Пайдалы дереклер