Қызлар тәрбиясы мудамы итибарда

Қыз бала тәрбиясы жүдә нәзик мәселе. Сонын ушын халқымыз қыз баланың руўхый жақтан раўажланған, кәмил инсан, бахытлы ана болыўы ушын биргеликте тәрбиясына айрықша итибар қаратыў кереклигин айтады.

Физика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси Гулистан Нурымбетова, факультет тьюторлары менен биргеликте №7-8 студентлер турар үйинде жасаўшы студент қызлардың тәртиби, ханаларынын тазалығы көзден кеширилди   Ҳәр бир бөлме , оларда жасаўшы қызлар менен сәўбетлесиў даўамында бир-бири менен апа-сиңлидей қарым-қатнаста,  аўызбиршиликли, ханаларының жыйнақлы турғаны бизди қуўандырды. Қызлардың ҳәммеси өз орынларында сабақ таярлап, айырымлары тазалық жумыслары менен бәнт екенлигиниң гүўасы болдық. Ҳәзирде күн ысый баслаўы менен кешки ўакытлары көшелерде көп қалып кетпеўи ескертилип өтилди. Бул бойынша педогог тәрбияшысы ҳәм де комендантлары менен де сәўбет алып барылды. Себеби, қызлар өз үйлеринен, ата-анасынан узақта жасаўына қарамастан, олардың тәлим-тәрбиясы, сабакларға ўақтында қатнасыўы, бос ўакытларынан мазмунлы дурыс пайдаланыў, өнер үйрениўи кереклиги айтып өтилди. Студент қызларымыздан  кемшиликлер бар жоқлығы, бос ўақытларын мазмунлы өткериўде пикир усыныслары тыңланды.Сондай-ақ, жатақхана төлемлерин ўақтында төлеп есапласыў кереклиги ҳаққында да студент қызларға түсиник жумыслары алып барылды.

Пайдалы дереклер