«Жаңа Өзбекстан жаңа редакциядағы Конституция» атамасында семинар болып өтти.

Менеджмент ҳәм экономика тийкарлары» кафедрасы  профессор-оқытыўшылары ушын профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Жаңа Өзбекстан жаңа редакциядағы Конституция» атамасында семинар болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы кафедра баслығы проф.Г.Утемуратова ҳәм барлық кафедра профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Семинарда сөзге шыққанлар Өзбекстан Республикасы Кониституциялық нызам жойбарының айрықша тәреплери өзгерис ҳәм қосымшалары, сондай-ақ, оның мазмун мәнисин кең түрде түсиндирип өтти. Ҳақыйқатында да жаңаланған Кониституцияда пуқаралардың билим алыў ҳуқуқы ҳәм имканияты кеңейтирилди, оқытыўшылар кониституциялық статусқа ийе болды соның менен бирге, илим ҳәм билимлендириўге байланыслы нормалар еки есеге артты.

Жаңа редакциядағы жойбарда жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылған болып, Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте. Онда инсан ҳуқықлар менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсанның ҳуқықлар менен еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленип, олар халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына ҳәм усы Конституцияға муўапық кепилленеди. Нызамшылықта белгиленбеген ўазыйпа ҳеш кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте. Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Пайдалы дереклер