Елимиз аспанында қуяш жарқырап, Нәўбәҳәрдиң жағымлы самалы есип турған усындай бир әжайып күнлерде, үлкемизге кирип келген жаңаланыў ҳәм жасарыў, дөретиўшилик ҳәм жаратыўшылық әййямы – Наўрыз – инсан қәлбин және де гөззал сезимлерге толтырады. Наўрыз байрамы пүткил республикамыз бойлап улыўмахалықлық сейил тәризинде өткерилип атырғаны, оған өзгеше пайыз ҳәм көтериңкилик бағышламақта.
25-март. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң алды байрам руўхында безелген. Кең жәмийетшилик ўәкиллери жыйналған байрам салтанаты «Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атлы театрластырылған байрам тамашасы менен басланды. Сахнада тәбияттың ояныўын, бәҳәрдиң келиўин, елимиздиң абадан турмысын өзинде сәўлелендирген, жаслар менен кекселерге де бирдей қәдирдан болған намалар жаңлады.
Буннан соң университет ректоры А.Реймов шығып сөйледи ҳәм жыйналғанларды жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы — Наўрыз байрамы менен қутлықлап, бул байрам пүткил халқымызға, дөретиўшилик ислердиң әтирапына жәмленген, быйылғы жылдан үлкен үмитлер күтип жасап атырған ҳәр бир инсанға оңынан келиўин тиледи.
Концерт бағдарламасында атқарылған «Наўрыз» «Қарақалпақ гөззалары» «Мойнақ», «Қыз қуўыў» ҳәм басқа да қосықлар менен «Тусаў кесиў» фольклорлық бөлими миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлап, ата-бабаларымыздың руўхый дүньясын сәўлелендиретуғын дөретпелер сыпатында жыйналғанлардың кеўиллерине йош инам етти.
Сахнаның еки тәрепинде қурылған қара үйлерде миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди сәўлелендириўши көринислер орын алып, мийман күтип алыў, шай бериў, дастурхан әтирапына жыйналған ата-ана, келин, ақлық арасындағы меҳир, иззет-ҳүрмет өз сәўлелениўин тапқан.
Халқымыздың тынышлығы, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы сыяқлы бир қатар ийгиликли мақсетлер менен қайнатылған Наўрыз сүмелеги байрам қатнасыўшыларына инам етилди.
Байрам салтанатында республикамызға белгили артистлердиң ҳәм жас талант ийелериниң атқарыўындағы қосықлар, Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшыларының шығыўлары, университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбльиниң атқарыўындағы аяқ-ойын тамашалары өзгеше тәсирлер қалдырды.
Байрам салтанатларына республика ҳүкимети басшылары ҳәм ағзалары, университет нураныйлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
ҚМУ Баспасөз хызмети.


