Китаплар саўға етилди

Билим ҳәр бир инсанныӊ ҳеш нәрсе менен алмастырып болмайтуғын, ҳеш ким тартып ала алмайтуғын еӊ үлкен байлығы есапланады.

Ҳүрметли Президентимиз жасларымызды китап оқыўға қызықтырыў бойынша: «Жаслардыӊ китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў, оларды китап пенен дос етиў, бәршениӊ китап оқыў дәрежесин жоқарылатыўға үлкен итибар қаратыў керек», деген еди.

Усы мақсетте Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультети «Инженерлик  коммуникациялар қурылысы» кафедрасының оқытыўшылары Д.Оспанова, Г.Абдиганиева ҳәм Н.Давлетмуратовалар Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ  3-санлы студентлер турар жайында  жасайтуғын факультеттиң студент-қызларына 35 атамадағы китапларды саўға етти.

С.Нурниязов,

Техника факультетиниң жаслар менен ислесиў

бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер