Тәбиятты қорғаў, оның байлықларын ақылға муўапық пайдаланыў, қоршаған орталыққа инсанлардың ақылға муўапық қатнаста боллыўы, флора ҳәм фаунаға байланыслы билимлерге ийе болыў экологиялық мәденияттың раўажланыўын белгилеп береди.
Усы жылдың 8-апрель күни Тәбияттаныў факультети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының профессор-оқытыўшылары Қоңырат районының №34 қәнигелестирилген мектебинде, Суўенли аўыл пухаралар жыйыны турғынларына ҳәм 12-санлы ҳәм 13-санлы мектеплеринде тәлим алып атырған оқыўшы-жасларға «Экологиялық тәлим-тәрбия» ҳаққында илаж өткерди.
Илаж даўамында жас әўладтың экологиялық ҳәм эстетикалық мәдениятын жетилистириў, ана тәбиятқа меҳир-мухаббат руўхында болыў, ишимлик суўынан үнемли пайдаланыў, жапырақларды жақпаў, мусорларды белгиленген орынларға таслаў бойынша әмелдеги нызамшылық ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.
Өткерилген илажда мектеп оқыўшылары да өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Г.Шамуратова,
Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының оқытыўшысы.

