Айт сен Әжинияздың қосықларынан!

Қарақалпақ әдебиятының бийик тулғаларының бири бул Әжинияз Қосыбай улы. Шайырдың өз халқы ушын жазған мына қосық қатарларын еситпеген инсан болмаса керек:

Сорасаң елимди, Қожбан, бизлерден,

Қалпағы қазандай еллерим барды,

Қәте кетсе кешириңлер сөзлерден,

Қытай, Қоңыраттай еллерим барды.

XIX әсир қарақалпақ поэзиясында өзиниң әжайып лирикалық қосықлары менен терең из қалдырған Әжинияз бабамыздың өлмес мийраслары бүгинги күнде де кеңнен үйренилип келинбекте.

Жақында Университетимиздиң Мәлимлеме-ресурс орайында «Китапқумарлар» клубы ҳәм де қарақалпақ филологиясы факультети студент-жаслары менен биргеликте «Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атлы көргизбели әдебий кеше болып өтти.

Онда қарақалпақ филологиясы факульети оқытыўшысы Ж.Сағыйдуллаева, республикалық Мәлимлеме-ресурс орайы бөлим баслығы Ж.Тилеубаева, Нөкис қаласындағы 33-мектеп оқыўшылары, университет студент-жаслары қатнасты.

Кешени университтиң Мәлимлеме-ресурс орайының баслығы Н.Шаригатова ашып берди. Өткерилген илажда шайыр қәлеминен дөреген қосықлар оқылып, баянатлар тыңланды.

– Бугинги кеше университетимиздеги «Әжинияз» күнлериниң бет ашары болды десек алжаспаған боламыз. Шайырдың шығармаларын үйрениў бул әдебиятымызды кеңнен үйрениў ҳәм қарақалпақ классик поэзиясы әлемине кириў деген сөз. Ҳақыйқатында да, уллы бабамыздың қосыкларында миллий Ўатансүйиўшилик сезимлери, терең лирикалық ишки кеширмелер ҳәм инсанның әжайып пазыйлетлери, философиялық формадағы  дидактикалық ой-пикирлерди көриўимизге болады. Әжинияз шығармалары бүгинги күнде де, келешекте де өзиниң баҳалы қунын жойтпайды,-дейди мәлимлеме-ресурс орайының баслығы Н.Шаригатова.

Илаж өз-ара пикир алысыўлар менен даўам етти.

Р.Төрениязова,

Мәлимлеме–ресурс орайының хызметкери.

Пайдалы дереклер