Халықаралық бирге ислесиў раўажланбақта

Бәршемизге мәлим, өткен жылдың 18-20-октябрь күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан-Россия ортасында жоқары оқыў системасын еле де раўажландырыў, еки мәмлекеттиң ЖООлары арасында халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мақсетинде «Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы» өткерилген еди.

Мине, усы форум шеңберинде еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасындағы байланыслар баслап жиберилди.

Усындай байланыслардың даўамы сыпатында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов басшылығындағы делегация усы жылдың 11-12-апрель күнлери Москва мәмлекетлик миллий изертлеў қурылыс университетинде болды.

Илаж даўамында еки университет ректорлары университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлесип, тийисли қәнигеликлер бойынша академиялық мобиллик, докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий конференциялар шөлкемлестириў бойынша шәртнамалар имзалады.

 Сондай-ақ, ҚМУ делегациясы Москва мәмлекетлик миллий изертлеў қурылыс университетиниң имаратлардың самалға қарсылығын сынаў, аэродинамикалық труба, қурылыс материаллары ҳәм имаратларды сынаў, сынаў моделлери, «Ақыллы үй»лер қурылысы илимий лабораториялары менен танысып, бул бойынша пикирлер алмасты.

 Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер