Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-санлы студентлер турар жайы бинасында Тәбияттаныў факультети қызлары арасында спорттың «Шахмат» түри бойынша жарыс болып өтти.
Өткерилген илажда улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы ассистенти Г.Айтбаева, Р.Калимбетова, А.Жангабаев, Дәрилик өсимликлерди агротехнологиясы ҳәм интрадукциясы кафедрасы ассистенти Р.Абипов ҳәм студентлер турар жайында жасаўшы Тәбияттаныў факультетиниң қызлары қатнасты.
– Студент жаслар арасында шахмат жарысын өткериўден гөзленген мақсет – олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм қызларымыздың ой-өрисин жетилистириў болып табылады. Ҳақыйқатында да, студент-жаслар арасында өткерилетуғын бундай илажлар олардың оқыўдан тысқары бос ўақтын мазмунлы ҳәм утымлы түрде өткериўде әҳмийетли есапланады. Жарыс жуўмағында қызларымыз өзлериниң уқыплылығы ҳәм шахмат ойнаў шеберлигин көрсете алды. Алдағы ўақытларда да бундай илажлар турақлы өткерип турыў мақсетке муўапық болады,-дейди Дәрилик өсимликлерди агротехнологиясы ҳәм интрадукциясы кафедрасының ассистенти Р.Абипов.
Жарыс қызғын түрде даўам етти.
Ж.Искендеров,
Журналистика қәнигелигиниң студенти.